Get Mystery Box with random crypto!

#кадастр #жыйналыс Бүгин Мәмлекетлик кадастрлары палатасы Қа | QARAQALPAQSTAN KADASTR

#кадастр #жыйналыс

Бүгин Мәмлекетлик кадастрлары палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында тәртип интизамға әмел етиў ҳәм жәмийетлик қадағалаў бойынша жыйналыс болып өтти.
Онда басқарма жәмәәти, Нөкис қалалық филиалы қәнигелери ҳәм жәмийетшилик қадағалаў ўәкиллери қатнасты. Жыйналысты басқарма баслығы У.Жалелов алып барды.

Жыйналыста сөзге шыққанлар, қәнигелер арасында пуқаралар менен мүнәсибетте, кадастр хызметин көрсетиўде сондай-ақ, пуқараларды қабыллаўда әдеп-икрамлылық нормаларына әмел етиў, хызмет барысында коррупция жағдайларын жол қоймаў бойыша және бир мәрте түсиндирилди. Кадастр хызметин көрсетиўде пуқараларға қопал мүнәсибетте болған, коррупция жағдайларына жол қойған жағдайда қатаң түрде жаза қолланылыўы ескертилди.

Telegram | Instagram | Facebook | Youtube