Get Mystery Box with random crypto!

ХАБАРЛАНДЫРЫЎ! Ҳүрметли исбилерменлер! «Социаллық тараў объе | Karakalpakstan.uz

ХАБАРЛАНДЫРЫЎ!

Ҳүрметли исбилерменлер!

«Социаллық тараў объектлериниң ысытыў системаларын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында модернизациялаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПҚ–118-санлы қарарына тийкар:

2023-2026-жылларда Республика аймақларында жумыс алып барып атырған мәмлекетлик социаллық тараў объектлерин көмир жанылғысына өткериў арқалы гүз-қыс мәўсиминде ыссылық энергиясы менен үзликсиз тәмийинлеў, қазанханаларды модернизациялаў ҳәм мәкемелердиң ыссылық системасын оңлаў ҳәм белгиленген нормаларда жумыс ислеўин тәмийинлеўди мәмлекетлик жеке меншик шериклик тийкарында жеке меншик сектор қатнасыўында басқышпа-басқыш енгизиледи.

Мәмлекетлик социаллық тараў объектлеринде ысытыў системаларының ағымдағы жағдайынан келип шығып, 2023-жылы Қарақалпақстан Республикасының Нөкис қаласы ҳәм районларында мәмлекетлик жеке меншик шериклик тийкарында модернизациялаў жумыслары басланады.

Жойбарларды әмелге асырыўда:

мәмлекет шериги етип – район (қала) ҳәкимликлери белгиленеди;

жеке меншик шериклер – Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳаққында»ғы Нызам талапларына муўапық тендер өткериў ҳәм (ямаса) Халық депутатлары район (қала)лық кеңеслериниң қарарлары тийкарында ең оптимал усынысларды таңлап алыў арқалы анықланады.

Жойбарларды әмелге асырыўда модернизациялаў ҳәм оңлаў қәрежетлери ушын талап етилетуғын инвестиция қаржылары жеке меншик шериклер ҳәм Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан ажыратылады;

жеке меншик шериклердиң үлеси кеминде 50 процент ҳәм объектлерди эксплуатациялаў мүддети 10 жылды қурайды;

Жойбарлар ҳәр бир социаллық тараў объекти бойынша өз алдына лотқа ажыратқан ҳалда әмелге асырылады;

район (қала)лардағы социаллық тараў объектлериниң санынан, мәкемелердиң алыс аймақларда жайласыўынан ҳәм интакер жеке меншик исбилерменлик субъектлериниң усынысларынан келип шығып, Республикалық жумысшы топар менен келисимге бола еки ҳәм оннан аслам жойбарларды бирлестирген жағдайда лотларға ажыратыўға келисим бериледи.

Жоқардағылардан келип шыққан ҳалда исбилерменлердиң жойбарларын қабыллаў ушын Қаржы министрлигинде ШТАБ шөлкемлестирилген.

Толық мағлыўмат алыў ушын:
61 222-33-85
61 222-24-84
номерлерине қоңыраў етсеңиз болады.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter