Get Mystery Box with random crypto!

“Мәденият ҳəм көркем өнер тараўы хызметкерлери күни» мүнәсибет | Karakalpakstan.uz

“Мәденият ҳəм көркем өнер тараўы хызметкерлери күни» мүнәсибети менен салтанатлы байрам илажы болып өтти

Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «Мәденият ҳəм көркем өнер тараўы хызметкерлери күни» мүнәсибети менен салтанатлы байрам кешеси болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды байрам мүнәсибети менен қутлықлады.

Байрам илажына Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов қатнасты.

Ҳəр қандай халықтың мəденияты менен көркем өнерине деген ҳүрмет – бул сол халықтың өтмиш тарийхы, миллийлиги, үрп-əдет ҳəм дəстүрлерине болған ҳүрмет саналады.

Сонлықтан да бүгинги байрам тамыры терең тарийхқа ийе көп миллетли халқымыздың, пүткил елимиздиң байрамы, десек алжаспаған боламыз.

Айтып өтиў орынлы, соңғы жыллары елимизде Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында мәденият ҳәм көркем-өнер тараўын раўажландырыўға, тараў хызметкерлерине қолайлы шараятлар жаратыўға ҳәм олардың хызметлерин мүнәсип баҳалаўға, халықтың мәдений дем алыўын мазмунлы шөлкемлестириўге айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Өткерилген салтанатлы илаж даўамында бүгинги байрам мүнəсибети менен өзлериниң жоқары нəтийжелери ҳəм табыслары менен ажыралып киятырған бир қатар тараў пидайылары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳəм Өзбекстан Республикасы маденият ҳәм туризм министрлиги тəрепинен көкирек белгилери ҳəм Ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.

Толық мағлыўмат


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter