Get Mystery Box with random crypto!

Ҳүрметли Ўатанласлар, қәдирли Мəденият ҳəм көркем өнер тараўы | Karakalpakstan.uz

Ҳүрметли Ўатанласлар, қәдирли Мəденият ҳəм көркем өнер тараўы пидайылары!

Сизлерди бүгинги Мәденият ҳəм көркем өнер тараўы хызметкерлери күни мүнәсибети менен қызғын қутлықлаймыз.
Ҳəр қандай халықтың мəденияты менен көркем өнерине деген ҳүрмет – бул сол халықтың өтмиш тарийхы, миллийлиги, үрп-əдет ҳəм дəстүрлерине болған ҳүрмет саналады.
Сонлықтан да бүгинги байрам тамыры терең тарийхқа ийе көп миллетли халқымыздың, пүткил елимиздиң байрамы, десек алжаспаған боламыз.

Мәденият ҳәм көркем-өнер тараўы хызметкерлери ең дәслеп, бийтәкирар өнери менен халқымыздың руўхый дүньясын байытып киятырған машақатлы ҳəм мақтанышлы кəсип ийелери есапланады.

Ҳүрметли Мəденият ҳəм көркем өнер тараўы хызметкерлери!

Сизлерди бүгинги байрам менен қутлықлап, ҳәммеңизге беккем денсаўлық, шаңарағыңызға тынышлық-аманлық, машақатлы ҳәм мақтанышлы жумысларыңызда тасқын табыслар тилеймиз!


Аманбай Орынбаев,
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы


Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter