Get Mystery Box with random crypto!

Гүл арқалы 2 айда 17 млн сом таўып атырған наманганлы гүлши сы | Karakalpakstan.uz

Гүл арқалы 2 айда 17 млн сом таўып атырған наманганлы гүлши сырларын қарақалпақстанлыларға айтты

«Шаңарақта 10 перзентпиз, ҳәммемиз гүлшилик пенен шуғылланамыз. Егер бир шаңарақта 5 адам гүлшиликке берилсе, олар басқа жумыс ислеўи шәрт емес. Сол гүлшиликтиң өзи барлық қәрежетлерин қаплап береди.

Мысалы, 1 соток жерге 20 мың гүл егиўге болады. Егер барлық шығынларына шама менен 8 млн пул кеткенде де сол гүлден 25 млн табыўға болады, ал, шығынды алып тасласақ 2 айда 17 млн сап пайда қалып атыр. Егер қосымша 3, 4 жумысшы ислетсеңизде 3 млн бересиз, 14 млн қалып атыр. Ҳешким 14 млн сомды ҳәзир сыртқа шықса да ислеп келе алмайды», дейди наманганлы гүлши.

Алдын Қарақалпақстан Республикасы Экономикалық раўажланыў ҳәм камбағаллықты қысқартыў министрлиги ҳәм Мәҳәллебай ислеў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен Қарақалпақстанда исбилерменликти раўажландырыў мақсетинде Беруний районы ҳәким жәрдемшилери Наманган ўәлаятына барғаны ҳаққында жазған едик.

@QR_ECONOMY