Get Mystery Box with random crypto!

Ашық бюджет есабынан медициналық үскенелер алып келинди. Рай | QR EKONOMIKA HA'M FINANS MINISTRLIGI

Ашық бюджет есабынан медициналық үскенелер алып келинди.


Районлық қаржы бөлими тәрепинен пуқаралардан келген мүражатларда баян етилген орынлы ҳәм әҳмийетли машқалаларға қысқа мүддетте шешим табыў, мәлекет бюджетин қәлиплестириў ҳәм жойбарларды өз ўақтында ашық бюджет тийкарында қаржыландырыў бағдарында районда әмелге асырылған ислер медицина бирлеспесинде де өз нәтийжесин берди. Аймақларда халық ушын, анығырағы усы кеселлик пенен наўкасланған пуқаралар арасында алып барылған үгит-нәсият жумыслар нәтийжесинде районлық медицина бирлеспеси көп тармақлы поликлиникасы сәл кем жети жүз миллион сўмлық еӊ заманагөй медициналық әсбап-үскенени ашық бюджет арқалы халық интасы менен қаржы утып алынып үскенелер алып келип орнатылды.

Қанлыкөл районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети.

Каналға ағза болыў:
https://t.me/kanlikulnews