Get Mystery Box with random crypto!

Аққуў келген деседи Бәҳәр киятыр елиме Ашшы көлге аққуў келге | QARAQALPAQSTAN_TV📺 🎞 📽 📲🎬 🎼️

Аққуў келген деседи
Бәҳәр киятыр елиме

Ашшы көлге аққуў келген деседи,
Қуслар келсе жыллы самал еседи,
Қарақалпақ тәбиятын сағынып,
Бәри келер кеткен қуслар кешеги.

Не деген тәбият әжайып бунша,
Бағларға жарасар лалалар ғумша,
Былтырғы палапан қарлығаш өскен,
Ески уясында қуўанар сонша.

Нәзик жан қыз келин қәдирдан ана,
Сегизи уллы күн емес жай ғана,
Сағынған ул-қызы келер қутлықлап,
Төбеси ананың жетер айғада.

Бәҳәрде елиме наўрызым келер,
Қайнайды сүмелек наўрыз гөжелер,
Берекет мол табыс бахыт байлықты,
Бәҳәр өзиң менен алып келебер.

Ҳәр кимниң де бәҳәр жаслық ўақты бар,
Айлы түнде сырласқан сол бахты бар,
Ашық жанлар ашығына жетисип,
Тойдан үзбей, йоштан сүзгей бақсылар.

Жаңабай Анетеев.
27-февраль 2021-жыл.
@qaraqalpaqstan_tv