Get Mystery Box with random crypto!

Qaraqalpaqsha

Telegram kanalining logotibi qaraqalpaqsha_qosiq_qosiqlar — Qaraqalpaqsha Q
Telegram kanalining logotibi qaraqalpaqsha_qosiq_qosiqlar — Qaraqalpaqsha
Toifalar: Musiqa
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 267
Kanalning ta’rifi

🔘Qaraqalpaqstannıń Qarekeń Telegram kanalı
🔘Kanalģa siziń qálewińizge mas media materiallar salıp baramız. Demek bizden uzaqlaspań ele hámmesi aldında.
🔘1K ➖➖➖➖➖➖➖ 🏁10K
https://t.me/joinchat/AAAAAFkHOxnGxOqadsQoGg

Ratings & Reviews

3.50

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

1

3 stars

1

2 stars

0

1 stars

0


Oxirgi xabar 5

2023-02-26 10:26:31 БИЛЕСИЗБЕ...

Инсан өмириндеги ең үлкен душпаны бул – оның өзи.

Инсан өмириндеги ең үлкен қәтеси бул – өтирик қосып сөйлеўи.

Инсан өмириндеги ең үлкен сүрнигиўи бул – оның исенбеўшилиги.

Инсан өмириндеги ең үлкен апатшылығы бул –  көре алмаўшылығы.

Инсан өмириндеги ең үлкен қайғысы бул –  өзин танымаўы.

Инсан өмириндеги ең үлкен айыбы бул –  шүкирлик етпеўи.

Инсан өмириндеги ең өкинетуғын жери бул – өз қәдирин билмеўи.

Инсан өмириндеги ең әўметли тәрепи бул – жығылғаннан кейин өзи аяққа турып өз жолын даўам  еттире алыўы.

Инсан өмириндеги ең үлкен жоғалтыўы бул – үмитиниң сөниўи.

Инсан өмириндеги ең үлкен жетискенлиги – ақылы ҳәм ден - саўлығы.

Инсан өмириндеги ең үлкен қарызы бул – ҳақыйқый сезимлери.

Инсан өмириндеги ең үлкен қәбилети бул– оның Алла берген Жүреги.

Инсан өмириндеги ең үлкен жубанышы – оның алдына қойған уллы ислери.

Каналымиз:
@QOSIQ_UZ
https://t.me/+UsmUhAf4PR-Wl0zz
6.5K viewsedited  07:26
Ochish/sharhlash
2023-02-26 10:23:57 Каналымиз: @QOSIQ_UZ
https://t.me/+UsmUhAf4PR-Wl0zz
6.9K views07:23
Ochish/sharhlash
2023-02-26 10:22:35
Бул  дәри  әпиўайы " ВИТАМИН С "  есапланады.  Бул  витамин  арзан болыўына  қарамастан,  оның пайдасы  басқа  қымбат  дәрилерге  қарағанда жоқары турады.
Бул  витамин адамның иммунитетин  беккемлейди.
Вируслар менен бактериялардан  қорғайды.
Жаралардың  емлеў процесин  тезлетеди, гематопоезди тәртипке  салады  ҳәм капиллярлардың  өткизгишлигин  қәлипке  келтиреди.
Организим  тоқымаларының  ҳам суйеклердиң  өсиўин  тәминлейди,   зат алмасыў  процесин жақсылайды, өт  бөлиниўин  жақсылайды.
Буннан  тысқары  С  витамини Организимниң  қартайыў процесин  пәсейтеди, холестеринниң оксидлениуин  ҳәм оның тамырларының дийуалларына шөгиуиниң алдын  алады.
Рак өсимтелериниң  өсиўин блоклайды ҳәм алдын алады.
Физикалық ҳәм ақылый жуклемелер, ҳамледарлық ҳам лактация дәуири, қатты шаршаў, стресс, узақ ўақытқа созылатын аўырыулар гезинде жүдә пайдалы.
Антиоксидант ретинде - атеросклероз бронхиал астма, бириктириўши тоқымалар диффуз кеселликлеринде( ревматоид артирит, склеродермия) ҳәм т.б.
Антикоагулянт дозасы көбейип кеткенде, аконит, анестезин, анилин, анабуза, барбитурататлар, бензол, дихлорэтан, калийперманганаты, метил спирти, мышьяк, углерод оксиди, цинил кислотасы сульфаниламидлар, хинин, ҳәм басқалар менен зәхәрленгенде қолланылады.
Геморрагик диатез, капилляро- токсикоз,  геморрагик  инсульт, қан кетиўи  ( мурыннан, өкпеден, жатырдан) жуқпалы  аўырыўлар, интоксикация, алкагол ҳәм  жуқпалы  делириялар  интоксикасия, өткир  нур  кеселлиги, посттрансфузион  асқыныулар, баўыр аўырыўлары ( Боткин аўырыўы, созылмалы гепатит ҳәм  цирроз)
Асқазан- ишек аўырыўлары ( ахиллия, жара аўырыўы, әсиресе  қан кетиўден кейин.
Қәте болса айыпқа буйырмаң басқа тилден аўдармаладым
Каналымызға қосылың
https://t.me/joinchat/UsmUhAf4PR-Wl0zz
@QOSIQ_UZ
7.2K views07:22
Ochish/sharhlash
2023-02-26 08:58:07 Азанда шай ишип отырған едим. Ҳаялым келип қасыма отырды. Кесеге шай қуйып берип атырып, әсте гәп баслады:
- Ағасы, бүгин сиз басқа бир ҳаялды кешки аўқатқа шақырыўыңызды қәлеймен.
Шайнап турған наным тамағыма тығылып қалды.
-Тынышлық па анасы? Ким менен аўқатланыўға бараман, көргенлер не дейди, ақылыңды жойтпадың ба? - дедим өзиме келип.
- Мен сизди жаннан артық көремен, ҳәммеден қызғанаман, бирақ бир нәрсени анық билемен, ол ҳаял сизди меннен де көбирек жақсы көреди ҳәм сиз бенен бир ләҳзе болса да сөйлесип, дийдарыңызға тойыўды қәлейди. Бул инсан - сизиң анаңыз,- деди ҳаялым.
Терең ойға талдым. “Мине 19 жыл болыпты, анам ағамсыз, бир ғана иним менен аўылда жасайды. Үш баламды ҳәм ҳаялымды жақсы кийиндирип, жақсы бағаман деп, анама дурыслы итибар бермеппен. Ҳәй, сени, бала болмай.., тез тур орныңнан”, деп өзиме өзим сөйлеп орнымнан турдым.
Телефонымды алып анама телефон қылдым. Анам телефонды алып, “Тынышлық па балам, не болды, бунша ерте телефон қылып атырсаң”, деп сорады.
- Апа, қәўетерленбең. Тек жаман нәрсе болыўы шәрт емес ғо азанда телефон қылыўым ушын? Сизди сағындым, - дедим демим аўзыма тығылып.
Анам еситип турған қулақларына исенбеди. Себеби бул гәплерди көп жыллардан берли биринши мәрте айтып атырған едим.
- Балам гаплериң жақпай атыр. Тап өлиминен алдын ўәсият айтатуғын адамға уқсап сөйлеме! Не болды? - деп анам және сорады.
- Ҳеш нәрсе болған жоқ, апа. Бүгин кешке ўақтыңыз бар ма? Сизди бир ресторанға апарайын деп едим. Екеўимиз кеште бирге барсақ.
- Анам азырақ үндемей қалды, “Жан-жан деп бараман балам” - деди. Телефоннан анамның пықырлап жылағаны еситилди.
Кеште машинамды минип, анамның үйи тәрепке баратырып, жүрегим жас балалардикиндей тез-тез ура баслады. Жетип келип тоқтағанымда, ҳаўа райы суўық болыўына қарамай, анам дәрўазаның алдында күтип турған екен.
- Апа, неге сыртта турыпсыз? Келгенимнен кейин, өзим үйден алып шығатуғын едим, тоңып қалыпсыз сыртта.
Анам келип маңлайымнан сүйди де:
- “Балам жүрегим сабыр ете алмады, ақыры өзим шығып турдым”, деди.
Анам ушырасыўға шығатуғындай етип жасанып алыпты. Анамды көрип бир күлгим келди, бир өзимди жаман көрип кеттим:
- “Не ушын усы ўақытқа шекем анаңды бир мәрте болса да қуўантпадың”, дедим өзиме өзим.
Анам машинаға отырғанда:
- “Досларыма бүгин балам ресторанға шақырды, десем, ҳәммеси маған ҳәўес етти”, - деди.
Қаланың ортасындағы ресторанға кирдик. Кирип баратырғанымызда, анам қолымнан услап алып, салдамлылық пенен қаланың биринши дәрежели ханымындай болып ишке кирди. Көзлериндеги қуўанышты жасырыўдың имканы жоқ еди. Столға отырып, менюды алып оқыдым. Анам тәўирақ қартайып қалыпты, менюдағы тек ғана үлкен ҳәрип пенен жазылғанларын ғана оқый алды
- Сен кишкенелигиңде оқыўды билмейтуғын едиң, менюди мен оқыйтуғын едим, ал сен еркелеп бир нәрсе таңлағаныңша көп ўақыт өтер еди, енди сениң нәўбетиң келипти, - деди анам узақ өтмишти еслеп.
Көп ўақыт сөйлесип отырдық. Ўақыт өтип кеткенин де сезбей қалыппыз. Қәлбимде өткенлер ҳаққында шийрин еслеўлер бир-бир өтти. Өмиримдеги ең зор отырыс болды.
“Усы ўақытқа шекем не ушын бир мәрте де анамды бирге аўқатланыўға алып бармаппан?”, деп өзимди өзим тергедим.
Ол жерден қайтып, анамды үйине апарғанымда: “Балам сениң менен сол жерге және бир мәрте барайық”, - деди.
- Әлбетте барамыз апа, онда кейинги ҳәптеге барағояйық, - дедим.
- Бирақ кейингисинде мен пул төлеймен, - деди қайсарлық пенен.
- Яқшы апа, сиз не десеңиз сол, - дедим.
Үйге қайтқанымда ҳаялыма рахмет айттым.
Арадан 2 күн өтип, азан менен иним телефон қылып:
- “Әжаға тез келиң, анам аўырып атыр”, деди.
Анамды тири көриў несип етпеди. Барғанымша қайтыс болып қалыпты. Анамды жерге тапсырып келгенимизден кейин иним бир конверт берди, анам берип кеткен екен. Аштым. Конвертте анам хат жазып кеткен екен:
- “Балам, ўәде еткенимдей алдыннан барып ресторанға еки адамлық кешки аўқатты есаплатып, пулын төлеп келдим. Төлем қағазы усы жерде. Бәлким сол күнге шекем жетип бармасман. Бирақ сен әлбетте келинди алып сол жерге бар. Екеўимиз отырған жерге...

Каналымиз @QOSIQ_UZ
https://t.me/+UsmUhAf4PR-Wl0zz
9.7K viewsedited  05:58
Ochish/sharhlash
2023-02-26 05:45:32 Каналымиз: @QOSIQ_UZ
https://t.me/+UsmUhAf4PR-Wl0zz
2.2K views02:45
Ochish/sharhlash
2023-02-25 15:56:24
- Ақыллы ҳаял қызғанбайды.
- Неге?
Өйткени қызғаныў - күйеўиниң өмиринде өзинен гөре шырайлырақ ҳаял барлығын мойынлаўы болып есапланады.
Каналымиз:
@QOSIQ_UZ
https://t.me/+UsmUhAf4PR-Wl0zz
7.8K viewsedited  12:56
Ochish/sharhlash
2023-02-25 12:26:59
Ҳәр ким айнада өзин идеалный көреди дурыспа ?
Каналымиз: @QOSIQ_UZ
https://t.me/+UsmUhAf4PR-Wl0zz
4.6K viewsedited  09:26
Ochish/sharhlash
2023-02-25 07:42:57
Қәншели дурыс ?
Каналымиз: @QOSIQ_UZ
https://t.me/+UsmUhAf4PR-Wl0zz
6.6K viewsedited  04:42
Ochish/sharhlash
2023-02-25 06:18:48 Каналымиз: @QOSIQ_UZ
https://t.me/+UsmUhAf4PR-Wl0zz
6.8K views03:18
Ochish/sharhlash
2023-02-24 09:27:32 Жубайыңнан налыма!

«Шөлге шықтым. Ол жерде оғада гөззал ҳаялды көрдим, күйеўи оғада жағымсыз еди».
«Буған қалай разы болдыңыз?» дедим.
Ҳаял маған «Тыныш! Булай айтпа, не болса да күйеўим, Аллаҳға хош келетуғын бир ис қылған шығар да, сыйлық қылып мени оған берди. Мен Аллаҳ разы болмайтуғын бир ис қылған шығарман да, жаза ретинде оны маған берген. Аллаҳ разы болғанына мен разы болмайынба?».
Мен тым-тырыс болдым!...

Аўа, гейде еситип турамыз
«Неге маған бундай ҳаял ушырады?»,
«Ерим маған сай емес еди».

Жубайымыздан налығанда ойлап көрейик, биз өзимиз  негизи кимбиз?!

Асмаъий раҳимаҳуллаҳ

Каналымиз:
@QOSIQ_UZ
https://t.me/+UsmUhAf4PR-Wl0zz
8.6K viewsedited  06:27
Ochish/sharhlash