Get Mystery Box with random crypto!

Қарақалпақ футболы

Telegram kanalining logotibi qaraqalpaq_futboli — Қарақалпақ футболы Қ
Telegram kanalining logotibi qaraqalpaq_futboli — Қарақалпақ футболы
Kanal manzili: @qaraqalpaq_futboli
Toifalar: Sport
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 2.00K
Kanalning ta’rifi

Қарақалпақ футболы ҳәмде футбол клублары ҳаққында сөз етемиз.
Байланыс: @qq_futbolbot
Реклама ушын: @qq_futbolbot

Ratings & Reviews

1.00

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

2


Oxirgi xabar

2022-12-30 20:42:01
"Бесқала" ФК!

Январь-Февраль. 2022-жыл.


Футзал бойынша Қарақалпақстан чемпионаты.
2007-жыллар 1-орын!
2008-жыллар 1-орын!

Қарақалпақстандағы ең соңғы футбол жаңалықлары, биринши бизде...!!!
Теlegram | Instagram | YouTube
754 views17:42
Ochish/sharhlash
2022-12-30 19:45:12
"Бесқала" ФК!

Январь. 2022-жыл.


Футзал бойынша 2007-2008-жыллар арасында Қоңырат районы Спорт мектеби ашық бириншилигинде сыйлы 1-орын!

Қарақалпақстандағы ең соңғы футбол жаңалықлары, биринши бизде...!!!
Теlegram | Instagram | YouTube
837 views16:45
Ochish/sharhlash
2022-12-30 19:28:39
"Бесқала" ФК

Биз бенен бирге ислесип атырған Қарақалпақстан чемпионатындағы жалғыз клуб "Бесқала" футбол клубы. Бул клуб Республикалық Қәнийгелестирилген спорт мектеби негизинде шөлкемлестирилген. Ҳәзирде еки жас категориясына ийе. Тренерлери Ислам Уснатдинов ҳәмде Айбек Шамшетовлар. Клуб кеше жылдың ең жақсыларын анықлады. Биз әсте клубтың быйылғы нәтийжелери менен таныстырып барамыз!

Қарақалпақстандағы ең соңғы футбол жаңалықлары, биринши бизде...!!!
Теlegram | Instagram | YouTube
845 viewsedited  16:28
Ochish/sharhlash
2022-12-30 18:44:23
Қараөзектеги стадион!

Қарақалпақстандағы ең соңғы футбол жаңалықлары, биринши бизде...!!!
Теlegram | Instagram | YouTube
1.1K views15:44
Ochish/sharhlash
2022-12-30 13:50:57
"Футболымыз тарыйхына нәзер..."
15-сан!

1976-жыл. "Әмиўдәрья" ның дәслепки жүриси!
14-тур.

Нефтяник - Әмиўдәрья 6:0

14-турда "Әмиўдәрья" Фергананың "Нефтяник" клубы мийманы болады. Ойын нәтийжеси 0:6 есабында жуўмақланады. Қатарасына екинши мәрте ири есапта жеңилис. Солай етип "Әмиўдәрья" 14-турда 8 очко менен 20-орыннан 21-орынға түсип кетти.

П/с: Ол ўақытлары жеңис ушын 2 очко, теңлик ушын 1 очко берилетин болған.

14-сан

Қарақалпақстандағы ең соңғы футбол жаңалықлары, биринши бизде...!!!
Теlegram | Instagram | YouTube
1.0K views10:50
Ochish/sharhlash
2022-12-30 12:34:58
Қараөзектеги стадионның салтанатлы ашылыў мәресими басланыў алдында!

Бул ҳаққында Қараөзекли хабаршымыз Бахадир Жандуллаев хабар бермекте.

Қарақалпақстандағы ең соңғы футбол жаңалықлары, биринши бизде...!!!
Теlegram | Instagram | YouTube
1.2K views09:34
Ochish/sharhlash
2022-12-30 07:22:24
Футбол патшасы Пеле рак кеселлиги себепли 82 жасында қайтыс болды!

Қарақалпақстандағы ең соңғы футбол жаңалықлары, биринши бизде...!!!
Теlegram | Instagram | YouTube
1.3K viewsedited  04:22
Ochish/sharhlash
2022-12-29 18:29:34
"Футболымыз тарыйхына нәзер..."
14-сан!

1976-жыл. "Әмиўдәрья" ның дәслепки жүриси!
13-тур.

Мелиоратор - Әмиўдәрья 5:1

13-турда "Әмиўдәрья" Сырдәрьяның "Мелиоратор" клубы мийманы болалы. Ойын нәтийжеси 1:5 есабында жуўмақланады. Жерлеслеримиздиң мийманда ойынлары жүриспей атыр. Гезек турнир кестеси жетекшисине жеңилиўине алып келди. Солай етип "Әмиўдәрья" 13-турда 8 очко менен 19-орыннан 20-орынға түсип кетти.

П/с: Ол ўақытлары жеңис ушын 2 очко, теңлик ушын 1 очко берилетин болған.

13-сан

Қарақалпақстандағы ең соңғы футбол жаңалықлары, биринши бизде...!!!
Теlegram | Instagram | YouTube
1.2K views15:29
Ochish/sharhlash
2022-12-29 15:43:13 #хош_хабар

Ертең 30-декабрьде Қараөзектеги стадионның салтанатлы ашылыў мәресими болып өтеди!

Қарақалпақстандағы ең соңғы футбол жаңалықлары, биринши бизде...!!!
Теlegram | Instagram | YouTube
1.3K views12:43
Ochish/sharhlash
2022-12-29 14:32:01 "БИР ЧЕМПИОНАТ ТАРЫЙХЫ"

2-сан. 1-бөлим.

СССР чемпионаты. 1936-жыл.

1936-жылдың қыс айынан берли Николай Старостин Пүткил аўқам Ленинши Жас Коммунистик Лигасының биринши хаткери Косарев атынан футбол бойынша СССР чемпионаты ушын жойбар таярлап атыр еди. Бирақ чемпионатты шөлкемлестириў менен шекленип қалыўдың иләжи жоқ еди, улыўма алғанда ойын идеасын өзгертиў зәрүрлиги туўылды. Буның ушын олар Батыслық кәсиплеслериниң тәжирейбесин өзлестирди: олар пуллық төрешилерди, команда ойыншылары кәрханалардағы исинен азат етиў ҳәм басқалар.
1936-жыл 13-мартта Дене тәрбия Жоқары Кеңесиниң жыйналысында Николай Старостин тәрепинен усыныс етилген жойбар тастыйықланды. СССР чемпионатын еки түрде - бәҳәр ҳәм гүзде өткизиў ҳәм олар ортасында Олимпия системасы бойынша СССР кубогын ойнаўға қарар қылынды. Футбол ойыны ушын кириў билети баҳасы шөлкемлестириўши компанияның қәлеўине көре 1 рублдан 5 рублге шекем белгиленди. Баҳалаў системасы: жеңис ушын 3 очко, теңлесиў 2 очко, жеңилгенге 1 очко қатнаспағаны ушын 0 очко деп белгиленген. Чемпионат "А" дан "Г" дивизионға шекем бөлинген.

1-сан. 4-бөлим.

Қарақалпақстандағы ең соңғы футбол жаңалықлары, биринши бизде...!!!
Теlegram | Instagram | YouTube
1.2K views11:32
Ochish/sharhlash