Get Mystery Box with random crypto!

🌳Қарақалпақ Байтереклери🌳

Telegram kanalining logotibi qaraqalpaq_bayterekleri — 🌳Қарақалпақ Байтереклери🌳 Қ
Telegram kanalining logotibi qaraqalpaq_bayterekleri — 🌳Қарақалпақ Байтереклери🌳
Kanal manzili: @qaraqalpaq_bayterekleri
Toifalar: Taʼlim
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 39
Kanalning ta’rifi

ЕЛ УШЫН ЖАН ПИДӘ ЕТКЕН БАБАЛАР РУЎҲЛАРЫНА АЛҒЫСНАМА МӘДЕТ: СЕН БАЙТЕРЕК - МЕН СЕНИҢ БИР ШАҚАҢМАН!
Админ: ШАМШЫРАҚ
Канал иске түскен ўақыт: 2017-жыл, 5-октябрь.
Биз: @karakalpaknama
@qaraqalpaqsha_elektronkitaplar

Ratings & Reviews

1.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

0

2 stars

2

1 stars

1


Oxirgi xabar

2022-07-01 15:56:48 Т О Л ҒА Н Ы С Л А Р... ....Күндиз күлки, түнде уйқы жоқ. Миллетшил болайын демейсең, жулыныңа түртеди, сиясатшыл болайын демейсең, изей суўдай кем-кем алып баратыр. Ҳеш кимге зәҳәриңди шашып, жаўыз болайын демейсең, зәҳәр ишкизип, ишиңди уў жалағандай қылады.…
826 views12:56
Ochish/sharhlash
2022-07-01 15:54:26 Т О Л ҒА Н Ы С Л А Р...

....Күндиз күлки, түнде уйқы жоқ. Миллетшил болайын демейсең, жулыныңа түртеди, сиясатшыл болайын демейсең, изей суўдай кем-кем алып баратыр. Ҳеш кимге зәҳәриңди шашып, жаўыз болайын демейсең, зәҳәр ишкизип, ишиңди уў жалағандай қылады.

Қайта-қайта шаўып келип: --"Ал-ҳа Мойнақ, ал-ҳа Бозатаў",--деп, соңынан Тахтакөпир, Шымбайды гүллендиремиз дей бергенинен жүрегим сескени-ақ еди-аў:--"Бул не қылған батпан қуйрық, шүдигарда жатқан қуйрық, бир бәлеси болмаса....",--деп....

Төбеме гүрзи менен урғандай жайсыз хабар интернетти аралап кеткенде, тап өзимди бирден атқа қонып, жаўға атланып баратырғандай кейипте сездим. "Әҳ, әзиз апаларым Тумарис, Гүлайым усындайдан жаўынгер болып атқа қонған екен ғой",---деген ойларға кеттим. Мен усы жасымда жаўынгер бола аламан ба, жасым 70 тиң асқарына жетипти. Жән-жағымды қарманып, суўға кеткен адамдай тал қармайман. Не ислеў керек?! Үйдиң қасындағы мөлдек жеримизде отақ отап жүрип, малды арқанлап былай-былай жылыстырып жүрип, таўықларды:--"Ҳә, төт ширкин, жүўериниң ишинде бәле бар ма?",--деп жүрсем де, геллемнен --не ислеў керек?--деген сораў кетпей-ақ қойды.

Интернетке кирсем, жылп-жылп етип "Е" биресе көринип, биресе, биротала жоқ болып кетип тур, Wi fi дегенниң де аўылы бизге еле алыслаў қусаған.
Айтқандай, усы --"Wi fi ды тартып алсақ жақсы болар еди, бизиң аўылларға да цивилизациясының шуўағы кирсин",--деп, қоңсыларға хабарласып, ҳәммесиниң атынан өзим районлық байланыс бөлимине де бардым-аў өткен жылы! Байланыс бөлиминиң бас инженерине кирип:--"Ал, бала, бизге Wi fi керек",--деп дүрс еткизип айта салдым. "Бала" ---"бул кемпирге Wi fi неге керек",--дегендей бетиме қарап отырды да:---"Апа, Wi fi ды аўылыңыздың гезеги жеткенде қурып беремиз, соған дейин күтесиз",--деди.
---Гезек қашан жетеди?
---2023-жылы.
----Ойбуу, еле еки жыл бар екен ғо, илаж жоқ күтемиз.
Wi fi жөниндеги әңгиме соның менен тамам!

Ал, ҳәзир "Е" менен еплеп атырмыз, ол да кеўли келсе көл, кеўли келмесе шөл, видеоны ашып көриў қыйын, комментарияларды бирде оқып үлгерип қаласаң, бирде аппақ болып турады да қояды.

"Қатын ерге қарайды, ер жерге қарайды",--деген заман. Халық, соның бири өзим басшылар не қылып атыр екен, халық қәлеўлилери депутатларымыз қандай ойда--деп жаңағы "Е" менен жән-жақты шарлап барластырдым. Қандайда бир жақсы үмитлер менен изледим-аў, излегеним бар болсын, тоты қустай:--"өзгерислерди халық бир аўыздан мақуллап атыр, анаў-мынаў емес көтериңки руўҳта "мақуллағанбыш". Қатыншалап сөгип:--"қудайдың ашыған гүрбектей өлимин жепсең",--деп жибердим, ғәзебим қайнады:---ҳә, исенген өгизим сен болсаң, гүйсегениңди урайын!" . Басы женшилген жыландай таўландым-ә!

Және бир үмиттиң ушлығы көрингендей: 1341 бар екен-аў!
Қолыма телефонды алып жүўери атыздың аяқ бетиндеги аўылды суў менен тәмийинлеп турған жаптың бойындағы қатара егилген қара тал, бухар таллардың қойыў саясына барып, жайласып отырып алдым да 1341 ди таўладым, үш тилде қаяққа хабарласып атырғанымды, үш тилде "оператор жуўабын күтиңиз",--деп айтады да сырт етип өшип қала береди. Ҳаўўў!
Райондағы иниме қоңыраў еттим:
---"Ҳаў, мынаў сөйдеп-сөйдеп сырт еткизип өширип таслай береди-ғо!"
---Әжапа, қоңыраў еткеннен соң музыка еситиледи, бир 5-10 минуттай күтесиз.
---Ҳаў, музыка түўе бәле де жоқ, сырт етип өшип қала береди-ғо! Иним күлип:
----Әжапа, онда адам көп болып турған-ғо, қоңыраў ете бериң.
----Яқшы ыы!

Және қоңыраў, және қоңыраў. Әй, бир ўақытта музыка еситилди-аў! Қуўанып кетип, қайта-қайта тәкирарланып шертилип атырған музыканы тыңлап отырып, жаптың екинши тәрепиндеги, өзлеримиз "аўылдың парки",--деп атайтуғын тораңғыллыққа, жаптың бойындағы ғаррымыз екеўмиз жигирмалаған жыл бурын еккен қара тал, бухар тал, оның арғы жағындағы атызымызда көгерип турған жүўерилер, қатара үйлер, үйлердиң жыңғыл қораларына қарап отырып, жүрегим бир шерге толып кеткендей, көкирегим ыдырап көзимнен жас кетип атыр, кетип атыр, қатты өкирип бир жылағым келе береди, --"қой, ҳәзир оператор жуўап берип қалса сөйлесе алмай қаларсаң, маңлайы қатты!",--деп өзимди-өзим қатайтып тоқтатқым келеди, ---я яяяққ, тоқтай алар емеспен.
740 views12:54
Ochish/sharhlash
2022-07-01 11:05:31
ДҮНЬЯНЫҢ ОРАЙЫ

Шексиз мийрим-мәргиясы тартады,
Күннен-күнге қыймас сезим артады.
Қарақалпақстан, жаным-жәҳәним,
Дегеннен-ақ, кеўил шалқып атады.

Мениң ушын усы дүнья орайы,
Өзиме ағладан ағла шырайы.
Жайсаң еллер де көп, көрмеге жақсы,
Ал, бул жүрек «дүк-дүк» урған удайы.

Балалығымда cәл алыслап жырақ,
Кеўил күйим болған сарғыш жапырақ.
Сонда сезгеним бар, ҳаўамыз өзге,
Қуяшымыздағы бираз жақтырақ!

Егеде тартып та, сапарлар шексем,
Көзиме жас келген меҳирин еслесем.
Тилегенмен, жасап әйне мәканда,
Топырағы буйырғай, әлемнен өтсем
!

Малика Жумамуратова шайыр, журналист

канал: @qaraqalpaq_bayterekleri
522 views08:05
Ochish/sharhlash
2022-07-01 08:11:44 ЎАТАН

Тарағанбыз Едигедей ҳасылдан,
Тарийхым бар әсирлерден асынған,
Маманбий ол шаш түсирмей шашымнан,
Қорғаў десе көзге сүрме басылған.

Айдос баба айбатланған айбатлым,
Соқпақлардан жүрген таслы тайғақ дым,
Шегеси ол ҳәр бир үйде шарбақтың,
Қорғаў десе көзге сүрме басылған.

Ол елимниң Алакөзли баласы,
Қумар ана болған алып анасы,
Ҳәр бир үйдиң қабырғасы даласы,
Қорғаў десе көзге сүрме басылған.

Жерим деген елжиреген жүреги,
Аллаярым қарақалпақ тиреги,
Ҳәр бир үйдиң есигинде илмеги,
Қорғаў десе көзге сүрме басылған.

Ўатандарлық өтмиш урыс тағы бар,
Ел деп сөнген қанша батыр саны бар,
Ҳәр бир үйдиң тәғдийринде жаны бар,
Қорғаў десе көзге сүрме басылған.

Тыныш болғай елим шадлы бостанда,
Алла қоллап мәңги таңы атқанда,
Байрақ пенен қуяш күлип аспанда,
Тынышлық деп шашқай нурын шашқанда.

Жаңабай Анетеев

канал: @qaraqalpaq_bayterekleri
590 viewsedited  05:11
Ochish/sharhlash
2022-07-01 08:11:36
Ўатаныма сөз айтпа ойнап,
Түсимде де оннан айырма,
Жазаласаң жазала байлап,
Ана жерде өскен қайыңға.

Т. Мәтмуратов

канал: @qaraqalpaq_bayterekleri
468 viewsedited  05:11
Ochish/sharhlash
2022-07-01 07:54:24
* * *
Жаратылыс әдил қандай!
Үлесерде байлықларын,
Анаң бөлип берген нандай,
Алаламай бөлген бәрин:

Биреўлерге асқар бийик
Таў берсе де жер бермеген.
Марал маңырап, ақша кийик
Жуўырғандай шөл бермеген.

Бир жерлер хош тәбиятлы,
Қырғаўылдың қанатындай.
Бирақ жемиси жоқ татлы
Гүлабы, тор набатымдай.

Биреўлер балыққа жерик,
Биреўлерде-Адриатик...
Биреўлерге жамғыр берип,
Күн бермеген жадыратып.

Ең бай еллер мүтәж ҳәтте
Боян тамыр, газли кәннен.
Японлардың «топырақ сат» деп,
Жалынғанын еситкенмен...

Сиз бенен биз мәкан қылған
Бул топырақта бәри-де бар.
Егин ексең өрре турған,
Шөплеринде дәри-де бар.

Нар қамыслы көллеринде
Ойнар сазан, бөргелери.
Жантағының гүллеринен
Пал жыйнайды ҳәррелери.

Кең жәзира даласында
Малына жай өрислерин.
Қара талдың саясында
Бир желпинип шай ишкениң...

Мийнетин де, ләззетин де
Басымыздан кеширгенбиз.
Жети иреңли сүўретин-де
Руўҳымызға көширгенбиз.

Тегин емес туўған топырақ,
Безе алмайды адам деген.
Терең тамыр урған дарақ, -
Ўатан деген, Ўатан деген!

Ибрайым Юсупов
459 views04:54
Ochish/sharhlash
2022-06-30 22:47:07 #Руўх_Жан_Сана_Тән

"Өли разы болмай,
Тири байымас." Қарақалпақ халық сөзи.


Усы күнлери бабалар руўхларына Қуран аятларын бағышлаўды ҳәрқашанғыдан да көбейтейткенимиз мақул деп ойлайман, көпшилигимиз оқып та жүрген шығармыз, сонда да ядыңызға салып қойғым келди, өзим де жийи оқып жүрмен. Өйткени, Қуран өлиге де, тириге де теңдей мәдет. Қурбан ҳайыты байрамымыз да жақынласып атыр ҳәм сондай-ақ усындай руўҳ, сана, тән арпалысқан ҳәзиргидей жағдайда мүмкин ҳәзир бабалар руўҳлары барлық жерде гезип жүрген шығар.

Әъуўзу билләәҳи минәш шәйтоонир рожийм.
Бисмилләәҳир роҳмәәнир роҳийм.

Қул ҳуўаллооҳу аҳад. Аллооҳус сомәд. Ләм йәлид ўә ләм йуўләд. Ўә ләм йәкул ләҳу куфуўән әҳад.

Субҳаанә роббикә роббил ъиззәти ъаммәә йасифуўн. Ўә сәләәмун ъаләл мурсәлийн. Ўәл ҳамду лилләәҳи роббил ъааләмийн.
(қолларымызды дуўаға жайып)

Қуран аятларынан ҳасыл болған саўапларды Пайғамбарымыз Муҳаммад алайҳиссаламға, оның шаңарақ ағзаларына, саҳабаларына, ардақлы пайғамбарларға өткен алым- уламаларға, усы ел топырағында мәңгилик уйқыда жатырған бәрше әўлие-әнбийелерге, ата-бабаларымызға, олардан(өз атаңыз, бабаңыздың аты-жөнин айтасыз) ҳәм ел мәпи, халқы ушын жан пидә еткен бабаларымыз:
Аты әпсана Маманбий бабамызға, Айдосбий бабамызға,
Мыржық улы Ерназар Алакөз ағабий бабамызға,
Қумар аналық,
Досназаров Қораз улы Аллаяр атамызға,
Шамшетов Дәўлетбай ағамызға,
Минайхан Жуманазарова апамызға (басқада өзиңиз қосып даўамлаўыңыз мүмкин) ҳәм бәрше марҳум елсүйген мәмлекетлик ғайраткерлер, марҳум шайыр-жазыўшыларға бизден үмит еткен барлық үмийдиўарлар марҳумлар руўхларына халысАлла бағышлайман. Аллаҳ таала олардың жатқан жерин жайлы қылсын, жәннет бағларынан бир бағ қылсын. Гүналарын әпиў етип, ислеген ийги ислерин өзлери менен бирге қылсын, изинде қалған әўладларынан, бизлерден разы болған болсын...
Бироҳматика йәә әрҳамәр рооҳимийн. Әўмин, Аллоху Акбар.

канал: @qaraqalpaq_bayterekleri
540 viewsedited  19:47
Ochish/sharhlash
2022-06-30 22:46:23
канал: @qaraqalpaq_bayterekleri
460 views19:46
Ochish/sharhlash
2022-06-30 22:27:57
САБЫР ЕТИҢ БӘРИ ЖАҚСЫ БОЛАДЫ.
***
Душпан сырттан емес иштен шығады,
Бүгин болған даўыл ертең тынады,
Көп узамай өз-өзинен сынады,
Сабыр етиң, бәри жақсы болады.
***
Бенде тосса тоссын, Алла тоспасын,
Басыңызды жаманларға қоспасын,
Ҳәмме өзин басып алсын, усласын,
Сабыр етиң, бәри жақсы болады.
***
Халқым исенемен, жулдызың сөнбес,
Киндик қаны тамған жерди ким сүймес,
Қарақалпақ миллитине шаң тиймес,
Сабыр етиң, бәри жақсы болады.
***
Бәрине Президент нәзер салады,
Пикирлерди инабатқа алады,
Қарақалпақ аты мәңги қалады.
Сабыр етиң, бәри жақсы болады.
***
Жырақ жүриң ғыйбат өсек жаладан,
Жаман ойды өшириңлер санадан,
Тилек тилеп сораң жалғыз Алладан,
Сабыр етиң, бәри жақсы болады.
***
«Жақсы нийет жарым ырыс» деген бар,
«Көп тилеги қабыл болар» деген бар,
Алдыннан болжаўлап ашабермең пал,
Сабыр етиң, бәри жақсы болады.

Ансатбай Каражанов 30.06.2022-жыл

канал: @Ansatbai
канал: @qaraqalpaq_bayterekleri
940 viewsedited  19:27
Ochish/sharhlash
2022-06-30 12:17:59 #doslıq_tatıwlıq_klasslaslar
***
Саатқа көзим түскенинде бағана 00:00 еди.Нөкис ақшамы.
Негедур, уйқым келмей атыр. Үш-төрт күннен берли усы аўҳал.
Бүгин есиме классласларым түсти. Ватцаптан видеочат сорап едим, бүгин байланыс онша емес, оның үстине жумыстан шаршап келдик, ертең кешки сегиз-тоғыз арасы көрисеғояйық, деп келистик...
Лепесбай Аширов. Түркмен бала. Дәптерге араб ҳәрибиндей шеп жақтан баслап жазатуғын еди. Муғаллимим Сулыўхан Турдымуратова үйретесең деп қасына отырғызып қойды. Соннан сегиз жыл бир партада отырдық. Оныншы классты гил "5"ке питкерди.
Шамшетдин Мамутов. Өзбек баласы екенин оныншы классларға барғанда билдик. Келиншеги аўыл арасының көйлегин тигеди. Апам "Шәмшеттиң келиншеги мол-молақай етип жақсы ҳәм арзан тигеди" деп мақтайды. Оның руўы түўе миллетиниң не екенин билмейди екенбиз. Шамшетдин өмирбойы трактор айдады, жер сүрди, пахта екти, пахта тасыды. "Тамара, журналистсең-ғой, оның үстине Нөкисте турасаң, трақтыршыларға дурыслап айлық бермейди, соны айтсаң-о?" деди. Мениң ҳәзирге шекем Шамшетдинниң жүзине қарайтуғын бетим жоқ, айлығын көбейтип, ҳақысын алып бере алмадым!.. Ҳәзир ол кеселлик арттырып үйден шыға алмай қалған. Ишим ашыйды, лекин аяққа турғызып жибериў қолымнан келмейди.
Сарыжан. Оны мектеп питкергели көрмедим. Қазақ қызы. Ири сүйекли, қарыўлы еди. Әкеси шопан, өзи де қой бағып өскен. Дийдар несип етсе, көриским, ҳал-жағдайын билгим келеди.
Алмагүл Медетова. Он бармағы ойылған шебер, сабақтан да жақсы оқыды. Түркменстанлы жигитке узатылыў тойынан кейин көрмедим. Жағдайы жақсы деп еситемен. Бирақ, оның да бахытлы турмысын өз көзим менен көргим келеди. Бирақ, жоллар баяғыдай емес, беклеўли. Қәнекей, шегаралар болмаса! Жақсы турмыс излеп Алматыда жасап жүрген күлекеш қыз Ақжибекти, Тамара Қарақулованы, Бейнеўдеги тракторист Жумабай Таспағамбетовты, Ақтаўдағы инженер Бийсенбайды, Атыраўдағы бухгалтер Қуралбай Сийсенбаевты, машинист Полат Нуржановты, Мақсатты, Шыршықтағы Тамара Өмирбекованы, айта берсем, "а", "б" класста бирге оқыған барлық классласларымды сағынаман, олар менен ҳеш болмаса бир мәрте жүзбе-жүз көриским келеди. Шоманайдағы 12-санлы мектепти питкергенимизге еки жылдан кейин 40 жыл толады. Еллер аралық жағдайлар жақсыланса, бәримиз бир ушырассақ, деп әрман етемиз. Мына ватцап деген жақсы болды, бир-биримизди таўып алып, хабарымызды айтысып отырмыз. Бир Қарақалпақтың ишинде жасасақ та, еле дийдар ғәниймет жүргенлеримиз бар. Бир таң қалатуғын жеримиз сол, бир аўылда өскенге ме, арамызда миллет айырыў деген сирә болмаған. Бәримизде бир биреўге деген ынтықлық, дослық сезимлери беккемленсе беккемленди, ҳасла кемеймеген!
Себеби, бизлер Шоманайдың шаңлағын шаңғытып өскенбиз. Қуўанышымыз да, қайғымыз да бир. Мақсетимиз, арзыў-әрманымыз да бир. Жасасын, аўылласлар, классласлар дослығы! Бизлерди "Биринши жап"тың суўын ишип өскенимиз бирлестирген. Қалаберди, бир дәрьяның суўын ишип, бир топырақта киндик қанымыз тамып, ойнап-өскен заманласларды қандай миллет болыўымызға қарамастан ҚАРАҚАЛПАҚСТАН деген ЎАТАН бирлестиреди. Жасасын, халықлар дослығының ең жарқын үлгиси - көп миллетлердиң мийтиндей бирлигинен қуралған, суверенли ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ!


Тамара Машарипова журналист

канал: @qaraqalpaq_bayterekleri
578 views09:17
Ochish/sharhlash