Get Mystery Box with random crypto!

Қарақалпақстан Футбол Ассоциациясы кирип киятырған 2021-жыл ме | PFK "ARAL"

Қарақалпақстан Футбол Ассоциациясы кирип киятырған 2021-жыл менен Сизлерди ҳәм Сизлер арқалы шаңарақ ағзаларыңызды қутлықлайды!
Таза жыл Сизлерге бахыт, шаңарағыңызға қут-берекет, жумысларыңызға тасқын табыслар алып келсин!
Соның менен биргеликте 2020 жыл жуўмағы бойынша ерискен жетискенликлеримизге үлеслерин қосқан ҳәм жақыннан жәрдем берген
Қарақалпақстан Жоқарғы Кеңеси, Министрлер Кеңесине, Дене-тәрбия ҳәм спорт министрлигине, Ишки ислер министрлигине, Ден саўлықты сақлаў министрлигине, Өзбекстан мәмлекетлик дене-тәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалына, Туран стадионы жәмәәтине, Миллий гвардия "Динамо" спорт бөлимине, қала ҳәм район ҳәкимликлерине, Қарақалпақстан миллий телерадио компаниясына, "KUSHMAG" кәрханасына, "Qudrat Media" студиясы ҳәм "Rivoj Yulduz" реклама агентликлерине өз миннетдаршылығымызды билдиремиз.

@kkfa_uz