Get Mystery Box with random crypto!

УЛЫЎМА ОРТА БИЛИМ БЕРИЎ МЕКТЕП МУҒАЛЛИМЛЕРИ АРАСЫНДА ПӘНЛЕР ОЛ | Fan olimpiadalari

УЛЫЎМА ОРТА БИЛИМ БЕРИЎ МЕКТЕП МУҒАЛЛИМЛЕРИ АРАСЫНДА ПӘНЛЕР ОЛИМПИАДАСЫНЫҢ ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ БАСҚЫШЫНА СТАРТ БЕРИЛДИ

Бүгин, 24-сентябрь күни улыўма орта билим бериў мектеп муғаллимлери арасында пәнлер олимпиадасының Қарақалпақстан Республикасы басқышы өткерилмекте.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Қәбилетли жасларды анықлаў ҳәм жоқары жетик кадрлар таярлаўдың үзликсиз системасын шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4306-санлы қарарында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, орынларда қәбилетли оқыўшылар менен ислесиў системасын жетилистириў, пән олимпиадалар бойынша тренер-оқытыўшылар базасын қәлиплестириў ҳәм олардың санын көбейтиў, оқытыўшылар арасында халықаралық пән олимпиадалар методологиясын ен жайдырыў мақсетинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде улыўма орта билим бериў мектеп муғаллимлери арасында математика, физика, химия ҳәм биология пәнлеринен Республикалық олимпиадасының Қарақалпақстан Республикасы басқышы өткерилмекте.

Бул таңлаўдың тийкарғы мақсети – жәмийетимизде муғаллим кәсибиниң абырайын асырыў, педагоглар ушын қолайлы социаллық шараятлар жаратыў ҳәм олардың мийнетин мүнәсип хошаметлеў, муғаллимлердиң оқыўшы жасларға тәлим ҳәм тәрбия бериўдеги жуўапкершилигин, турақлы түрде кәсиплик шеберлигин раўажландырыўдағы талапшанлығын асырыўдан ибарат.

Бунда усы жылдың 12-14-сентябрь күнлери өткерилген улыўма орта билим бериў муғаллимлери арасында математика, физика, химия ҳәм биология пәнлеринен район(қала)лық басқышында 1-,2-,3-орынларды ийелеп, жеңимпазлықты қолға киргизген 200 муғаллим өз билимлерин сынақтан өткереди.

Олимпиада жуўмағында ҳәр бир пән бойынша жоқары нәтийже (1-,2-,3-,орын) көрсеткен 3 муғаллим жәми 12 муғаллимнен ибарат Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы қәлиплестириледи ҳәм Республикалық басқышта қатнасыў ушын усыныс етиледи.

Каналға ағза болың – t.me/kkeduuz