Get Mystery Box with random crypto!

1-сентябрьден халық аралық ямаса миллий сертификатқа ийе болға | Qaraqalpaqstan Respublikasì XBM janìndaģì RBO informatika

1-сентябрьден халық аралық ямаса миллий сертификатқа ийе болған оқытыўшыларға 50%ке шекем үстеме бериледи

Президент Пәрманына көре, дәреже сертификатына ийе болған педагог кадрларға төмендеги тәртипте ҳәр айлық қосымша үстеме төленеди:

халық аралық тән алынған ҳәм оған теңлестирилген миллий сертификатқа ийе болған педагог кадрларға — олардың тариф ставкасына салыстырғанда 50 процент муғдарында;

халық аралық талапларға жуўап бермейтуғын миллий сертификатқа ийе болған педагог кадрларға — олардың тариф ставкасына салыстырғанда 20 процент муғдарында.

Педагог кадрларға ҳәр айлық қосымша үстеме сертификат әмел етиў мүддети даўамында, бирақ үш жылдан көп болмаған ўақыт даўамында төленеди.

Егер оқытыўшы улыўма билим бериў пәнлери бойынша бир неше сертификатқа ийе болса,  жоқары процентли үстеме беретуғын сертификат бойынша үстеме төленеди.

Бул системаны жолға қойыў бойынша Халық билимлендириў ҳәм Финанс министрликлериниң 2022-жыл 29-июльдағы 34-санлы қоспа қарары қабыл етилген ҳәм сертификатлар ушын қосымша үстемелерди төлеў 1-сентябрьден енгизиледи.

Соның менен бирге, информатика ҳәм информация технологиялары, физика, география ҳәм тарийх пәнлеринен де миллий сертификация сынақларын өткериў басланады.

Dembermes.uz

@Karakalpak24