Get Mystery Box with random crypto!

Ассалаума алейкум 8 март Шашақ орамалды тағып басына, | Бизнес идеялар

Ассалаума алейкум 8 март

Шашақ орамалды тағып басына,
Ақлықларын жыйнап алып қасына,
Пенсиясы ылайық емес жасына,
Кемпир-апаларым байрам мүбарек.

Уйқыларын түни менен төрт бөлген,
Перзентлерин жанынанда көп көрген,
Жети қабат төсекли орныныз төрден,
Әдиўли аналарым байрам мүбарек.

Үкелерин арқалап, сабақ үйреткен,
Жаратылған өзлери баўыр-бүйректен,
Жан ашыр туўыскан, күйер жүректен,
Мийирман ажапамлар байрам мүбарек.

Хожалықтың хызметине тақ турған,
Жасулкенниң созлерине сақ турған,
Ҳәзил қылып қәйнилерин лап урған,
Қуўнақ жеңгелерим байрам мүбарек.

Кеўиллери дарьядай бурқырап тасқан,
Қанласта емеспиз, бирақ туўысқан,
Балалықта ойнап бираз қуўысқан,
Жаслықтағы досларым байрам мүбарек.

Отырыспақты қосық пенен қыздырган,
Жораларға шықпас сызық сыздырған,
Мерекеде ойнап табан тоздырған,
Қурбы қурдасларым байрам мүбарек.

Қалхан көрип ағаларын паналар,
Шийрин сөзли, жүзлеринде нур жанар,
Меҳир менен көзлеринен жас тамар,
Назик қарындаслар байрам мубарек.

Салем берип, суў алады қолыңнан,
Тарбиялы, хасла кеспес жолыңнан,
Мийман болсан төсек салар қалыңнан,
Ийбели келинлер байрам мүбарек!!!