Get Mystery Box with random crypto!

Елимиз ғәрезсизлигин беккемлеўдеги, оның экономикалық потенциа | MuynakPress

Елимиз ғәрезсизлигин беккемлеўдеги, оның экономикалық потенциалын арттырыўдағы, тараўларда жүргизилип атырған реформаларды табыслы әмелге асырыўдағы нәтийжели хызметлери, елимизди ҳәр тәреплеме раўажландырыў ҳәм халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў жолындағы пидәкерли мийнетлери, жәмийетимизде миллетлераралық дослық ҳәм татыўлықты беккемлеў, жас әўладты ўатанды сүйиўшилик ҳәм ғәрезсизлик идеяларына садықлық руўхында тәрбиялаў ҳәмде жәмийетлик-сиясий турмыстағы белсендилиги ушын  Бюджеттен тысқары Пенсия қоры Мойнақ районы бөлими баслығы Даўжанова Гулшад Садыковна Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң «Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 31 жыллығы мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик сыйлықлары менен сыйлықлаў ҳаққында»ғы арнаўлы Президиум қарарына тийкар
«Ўатан пидайысы» көкирек белгиси менен сыйлықланды.

Мойнақ районы ҳәкимлиги ҳәм гүллән халқымыз атынан  Г.Даўжанованы шын қәлбимизден қутлықлаймыз!

@MuynakPress