Get Mystery Box with random crypto!

Электрдиң өшип қалыўы бойынша рәсмий мағлыўмат берилди 2022-ж | MuynakPress

Электрдиң өшип қалыўы бойынша рәсмий мағлыўмат берилди

2022-жылдың 30-август күни Қаракалпақстан Республикасының  Мойнақ, Қоӊырат, Канлыкөл, Шоманай, Хожели районы аймақларында Тақыятас ЫЭС да ПГУ-1 энерго блокта саат 15:54 ўақты менен авариялық жағдайларға байланыслы  электр энергиясы менен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылған еди.

«Тақыятас ЫЭС» АЖ мәлимлеме хызметиниң айтыўы бойынша, саат 16:40 ўақты менен 1-санлы пуў-газ қурылмасы тармаққа жалғанды. Өшиў ақыбетинде энергоқурылмаларға ҳеш қандай зыян жеткерилмеди. Электростанция қәнигелери тәрепинен қурылмалардың жумыс режимин толық тиклеў ислери алып барылмақта. Бул өшиў жағдайының себеплери үйренилмекте.

Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
@MuynakPress