Get Mystery Box with random crypto!

#Қутлықлаймыз Ҳаял-қызларға айрықша итибардың нәтийжеси Өзбе | MuynakPress

#Қутлықлаймыз

Ҳаял-қызларға айрықша итибардың нәтийжеси

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 23-июнь сәнесиндеги 402-санлы қарарына муўапық Мойнақ районы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими тәрепинен ҳаял-қызларды қоллап-қўатлаў мақсетинде берилген усыныснама тийкарында жоқары оқыў орынларына ажыратылған қосымша мәмлекетлик грант тийкарында Мойнақ районы Мойнақ МПЖ аймағында жасаўшы пуқара Жаппарбергенова Севара Қалбай қызы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Архитектура факультетине грант тийкарында студентликке қабыл етилди.

Елимизде ҳаял-қызларға қаратылған итибар ҳәм имканиятлар негизинде бүгин көплеген ҳаял-қызларымыз өз арзыўларына ериспекте.

Олардан нәтийжели пайдаланған С.Жаппарбергенова қолайлы имканият ушын Президентимизге шексиз миннетдаршылығын билдирмекте.

Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
@MuynakPress