Get Mystery Box with random crypto!

Тәсир қылар екен - Жетимниӊ алдында ата-анаӊыз барлығын яд ал | MuwsabekAbatbaevich

Тәсир қылар екен

- Жетимниӊ алдында ата-анаӊыз барлығын яд алып, мақтанып сөйлемеӊ яки балаӊызды оныӊ көз алдында еркелеп, сүймеӊ.

- Кеселдиӊ алдында ден-саўлығыӊыз жақсы екенлигин, ҳәмме ағзаларыӊыз саў-саламат екенлигин айтпаӊ.

- Үйлене алмай жүрген адамныӊ алдында "Ҳаялым кир жуўды", "Аўқат писирип қойыпты" сыяқлы гәплерди айтпаӊ.

- Турмысқа шығыўы кешиккен қыздыӊ қасында "Күйеўим мени еркелетеди. Кеше  дүканнан саўға алып берди" сыяқлы сөзлерди айтпаӊ.

- Үйленгенине көп болған, бирақ еле перзентли болмаған инсанныӊ алдында "Баламныӊ мектебине мәжилиске бардым", "Қызыма көйлек алып бердим" сыяқлы сөзлерди айтпаӊ.

- Турмысқа шыққанына көп ўақыт болып, еле перзент көрмеген ҳаялдыӊ алдында "Әкеси баламныӊ мектебине мәжилиске кетти", "Кеше балаларды ойнатыўға дем-алыс бағына алып бардық" сыяқлы сөзлерди айтпаӊ.

- Жумыссыз адамныӊ алдында "Кеше айлық алған едим. Ярымы нақ, ярымы пластикке түсипти" сыяқлы сөзлерди айтпаӊ.

- Материаллық имканияты шекленген инсанныӊ алдында "Қала күни базарға бардық. Базардыӊ бәрин көширип келиппиз" сыяқлы сөзлерди айтпаӊ.

- Көп ўақыттан берли бир-еки кийимин алмастырып кийип жүрген адамныӊ алдында "Өзиме бир қатар кийим алдым. Негизи киймлерим жетерли еди, тойларға кийиўге өз алдына алып қойыппан. Ҳаялыма көйлек, қызыма кофта алып бердим" сыяқлы сөзлерди айтпаӊ.

- Аўқат алып жеўге пулы жоқ яки пулы аз адамныӊ алдында "Зыяпатласлар менен "Аўқатланыў орны”на бардық. Өз алдына орын буйыртпа берип қойдық. Жүдә бир әжайып отырыс болды. Официант коланыӊ биреўи босаўы менен жаӊадан алып келеди. Қойдыӊ ярымын жеппиз" сыяқлы сөзлерди айтпаӊ.

- Ыссы қатты болып атырған болса да пулы кемлиги себепли, оразадардан арттыра алмай атырғаны ушын дәрья бойларына дем алыўға баралмайтуғын адамлардыӊ алдында "Ўай-буў, бул ыссыда қалада турып болармеди. Дачаға кеттик. Шаӊарағымыз бенен сол жерде бир ай турып келдик. Суўы жүдә зорда. Өзимиз арендаға өз алдымызға үй алдық" сыяқлы сөзлерди айтпаӊ.

- Үйинде газ жанбай атырған, аўқатты ошақта писиретуғын адамныӊ алдында "Кеше газди бираз пәсейтип қойдым. Газ көплигинен бир метр жанады" сыяқлы сөзлерди айтпаӊ.

Басқалардыӊ жасаў шәраятын сезинбей турып, өзимиз жасап атырған төгин-шашын шәраяттан келип шығып пикир билдире бермейик. Умытпаӊ, сизиӊ ҳәзирги жағдайыӊыз кимлер ушындур үлкен әрман болыўы мүмкин. Жоқарыдағы сөзлер жетиспеўшилиги бар инсанларға тәсир етиўин, олар кеўлинде өксик, кемтикликти сезиниўин умытпайық!

t.me/nasiyatuz kanalinan aling'an!