Get Mystery Box with random crypto!

MAKAN.UZ

Telegram kanalining logotibi makan_uz — MAKAN.UZ M
Telegram kanalining logotibi makan_uz — MAKAN.UZ
Kanal manzili: @makan_uz
Toifalar: Yangiliklar
Til: Oʻzbek tili
Mamlakat: Oʻzbekiston
Obunachilar: 24
Kanalning ta’rifi

18
Makan.uz - Өзбекстанда ҳәм дүнья жүзинде болып атырған ўақыялар бойынша халыққа исенимли мағлыўмат беремиз.
Мүрәжат жоллаў: @makanuzbot
Реклама ушын: @tek_reklamabot
Аудио хабарлар: @makanuzFM

Ratings & Reviews

4.00

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

0

1 stars

0


Oxirgi xabar 675

2021-03-01 08:09:50
Германия Аралбойы аймағын раўажландырыў ушын 8 миллион евро ажыратады

https://makan.uz/kk/article/16420

@makan_uz
9.5K views05:09
Ochish/sharhlash
2021-03-01 08:07:50
Қарақалпақстан Республикасы аймағында 2021-жыл 1-март күни күтилетуғын ҳаўа-райы мағлыўматы

https://makan.uz/kk/article/16419

@makan_uz
9.5K views05:07
Ochish/sharhlash
2021-02-28 11:17:47
Нөкисли Турсынбек әжайып көриниске ийе транспорт жаратты

Каналға ағза болыў: @QResMinistrlerKenesi
21.5K views08:17
Ochish/sharhlash
2021-02-28 10:04:42
Неге Орайлық базарда кийим сатыўға болмайды?


Нөкис қаласы турғыны Б.Алланазаровадан келген мүрәжат:

«Ассалаўма алейкум, мен Нөкис дийхан базарында жеке исбилермен болып ислеймен. Бүгин, 28-февраль күни бизлерге Нөкис дийхан базарында саўда ислеп атырған жеримизди «Катекс» саўда комплексине көшириўимиз керек екенин, бул базарда кийим сатыўға болмайды, деп ескертиў берип атыр. Көшиўимиз ушын бир күн мүддет берип кетти.
Мен алдын да «Катекс» базарына көшип барғанман, ол жерде ҳеш қандай саўда болмағанлығы себепли ҳәзир және Нөкис дийхан базарына көшип келгенмен. Мениң өтинишим усы мәселени көрип бериўиңизди ҳәм бизлерге өзин-өзи бәнт етип жумыс ислеп жүргенлерге бундай қыйыншылық туўдыра бермеўин соранып қаламан».

Ҳүкимет басшыларынан Орайлық базарда кийим-кеншек саўдасы менен шуғылланып атырған буннан басқа да исбилерменлердиң мүрәжатларын үйренип шығыўын сораймыз.

Makan.uz

@makan_uz
25.0K views07:04
Ochish/sharhlash
2021-02-27 20:06:08
Ақ қуўдың изи не болды?
«Это үй бет детка» деп көп жазатуғын блогер Бахтияр Қәдирбергенов бул сөзиниң бийкар айтылмағанын қайта-қайта дәлийллеп атырғандай. Азанда үйинен шыққанда Ашшы көлдеги ақ қуўларға нан беремен, деп ойлағаны менен, түстен кейинги ўақты, ҳақыйқаттан да, тек ғана бизлер бетке тән, ақылға сыймайтуғын күтилмеген машқалаларды шешиўге кетти. Бәри қалай басланды?
https://makan.uz/kk/article/16418

@makan_uz
32.3K views17:06
Ochish/sharhlash
2021-02-27 19:38:53 САЎАП ИС

Базыда биреўге жақсылық қылып, елге пайдамыз тийип, сөзимиз өткир болып атырса, ол – бизиң мықлы екенлигимизден ямаса асып-тасқан илимли екенлигимизден емес, бул Аллаҳ тааланың бизге берген мийриминен, аўзымызға туўры сөз салып, сол исти қылыўға имканият берип қойғанлығынан!

Егер Аллаҳ таала ол исти жеңиллетпегенде, сол саўап исти қылыўды несип етип, оңына басламағанында, биз оның мәнисине де жете алмас едик. Тап ҳәзир усыны жазып, оқып, ҳәтте, мурнымыз бенен нәпес алып, оны сыртқа шығарып атырғанымыз да – Аллаҳ тааланың өмир берип қойғанлығынан.

Сонлықтан, бир жақсылықты ислеген болсақ, таў қопарғандай өз-өзимизге сүйсинип, мақтанбайық.

Ҳәттеки, уламаларымыздан бири:

Бойымдағы минди санасам,
Таўдың тасынан аз емес.
Жүрегимди байқасам,
Ийнедей де пәк емес,
- деген екен.

Әлбетте, егер Аллаҳ таала бизди мийрими менен қорғап турмаса, жаман адамға айланыў, гүна ис қылыў бир демде-ақ. Себеби, қәдем басқан жерде қәўип тур.

Сонлықтан, саўап ис қылып, ата-анаңызды қуўантып, жақсылыққа бир қәдем болса да жақын болсаңыз, Аллаҳ таалаға "Әлҳамдулиллаҳ", деп ҳамд айтың!


Каналымызға ағза болыў ушын төмендеги силтемени басың!

https://t.me/joinchat/AAAAAEbfMm7dfVmRGUVSJA
31.1K views16:38
Ochish/sharhlash
2021-02-27 19:04:09
Ассалому алайкум ҳурматли мижозлар! Сизлар учун барча мобил операторларнинг:
- Mobiuz (UMS)
- Uzmobile
- Beeline
- Ucell
хизматларини ўз ичига олган Андроид мобил дастуримизни тақдим этиб қоламиз.
Энг сўнгги ўзгаришлар;
Арзон интернет тўпламлар;
Янгиланган қулай тариф режалар
ва тариф режаларни алмаштириш хизматлари мавжуд. 2021 йил

ЯНГИЛИК:
Uzmobile ва Mobiuz (UMS) мижозлари учун (арзон мб пакетлар фаоллаштириш ва барча USSD хизматлари мавжуд бўлган) янгиланган мобил иловамизни БЕПУЛ юклаб олинг:
https://play.google.com/store/apps/details?id=uz.ecma.ussdc25

Реклама
30.8K views16:04
Ochish/sharhlash
2021-02-27 16:19:21
#Бугин
Халықаралық турнирдиң алтын медалын жеңип алған Қарақалпақстанлы боксшы Мәдияр Дәнияров Нөкис халықаралық аэропортында кең жәмийетшилик тәрепинен кутип алынды.

@el_xizmetinde
27.3K views13:19
Ochish/sharhlash
2021-02-27 14:31:23
«Дом»ыңыз болғай

Қаладан жай алсаң кеўлиң жай таўып,
Кишкене той бергендей пулыңыз болғай.
Қой болмаса да сойып түйетаўық,
Қонақ күткендей домыңыз болғай.

Пайтахтта паналар баспана жақсы,
Нөкис жақсы, Нөкистен Тасқала жақсы,
Әйелге бәринен асхана жақсы,
Аристоны бар домыңыз болғай.

Қай подъезд, нешинши қабат, парқы жоқ,
Болағойсын машын қояр паркы жоқ,
Домды кетек дегенлердиң ақылы жоқ,
Берекетли, ықшам домыңыз болғай.

Аўылдан оқыўға ағайин кирсе,
Қол келте кирейге турайын десе,
Әне сонда сениң қудайың берсе,
Студентти сақлар домыңыз болғай.

Ата-анаңды қуўанышқа бөлеп,
Жас шаңарақ болып шықсаңыз бөлек,
Кредитке болса да айлықтан төлеп,
Демде қутылғандай домыңыз болғай.

А.Дарменов,
13,14-февраль, 2021-жыл.

Канал: @Allayar_Darmenov
33.7K views11:31
Ochish/sharhlash
2021-02-26 16:27:21
1-марттан баслап көшебасы ҳәм үйбасыларға ҳәр айда компенсация төленеди

https://makan.uz/kk/article/16417

@makan_uz
41.3K views13:27
Ochish/sharhlash