Get Mystery Box with random crypto!

Бала пулын алыў ушын қай жерге мүрәжат етиў керек екенлиги ҳақ | MAKAN.UZ

Бала пулын алыў ушын қай жерге мүрәжат етиў керек екенлиги ҳаққында

Министрлер Кабинетиниң қарары менен тастыйықланған «Кем тәмийинленген шаңарақларды «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасы арқалы анықлаў, оларға кем тәмийинленген шаңарақлардың балалары ушын напақа ҳәм материаллық жәрдем тайынлаў және төлеў тәртиби ҳаққында»ғы Нызамның 14-бәнтине тийкар, балалар напақасы ямаса материаллық жәрдем тайынлаў ушын арза зәрүр ҳүжжетлер менен бирге тиккелей арза бериўшиниң турақлы ямаса ўақытша жасаў мәнзилиндеги пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымына усынылады ҳәм дизимге алынады.

Арза пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымы тәрепинен арнаўлы дизимге алыў дәптеринде дизимге алынады, бунда арзаның берилген сәнеси, арза бериўшиниң аты, фамилиясы, әкесиниң аты ҳәм жасаў мәнзили көрсетиледи.

Makan.uz