Get Mystery Box with random crypto!

Президент халқымызға мүрәжат етти: «Әзиз ўатанласлар, бүгин т | MAKAN.UZ

Президент халқымызға мүрәжат етти:

«Әзиз ўатанласлар, бүгин тыныш емес дүньяда, оғада қәўетерли заманда жасап атырмыз. Елимиз раўажланыўында жүдә жуўапкершиликли дәўирди бастан кеширип атырмыз.

Жаңа Өзбекстанды қурыў мақсетинде баслаған барлық реформаларымыз ҳәр биримиздиң бүгин ҳәм келешекте пәраўан өмир сүриўимизди тәмийинлеўге қаратылған.

Ҳәр бир ўатанласымыз өз өмирин, еркинлигин, қәдир-қымбатын ҳәм абырайын улығлап, Ўатаны ҳәм халқына таўдай таяныш болып жасай алатуғын еркин ҳәм ерк-ықрары беккем инсанлар.

Сол себепли бәршемиз Конституцияға киргизиў усынылып атырған жаңа норма ҳәм қағыйдаларды санамыздан, жүрегимизден өткерип, оларға қалыс мүнәсибетимизди билдириўимиз лазым.

Бәршемиз тийкарғы нызамымызда өзимиздиң, шаңарағымыздың, мәҳәллемиздиң арзыў-үмитлерин көриўге умтылып атырғанымыз – бул тәбийғый жағдай ҳәм оғада дурыс».


Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар басқармасы

@makan_uz