Get Mystery Box with random crypto!

Шымбайшылар ушын байрам қоса келди Бүгин Шымбай районында жаң | SHIMBAY JASLARI

Шымбайшылар ушын байрам қоса келди

Бүгин Шымбай районында жаңарыў ҳәм жасарыў байрамы болған Наўрыз қарсаңында жаңа Амфитеатрдың ашылыў мәресими болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды Наўрыз байрамы қарсаңында жаңа Амфитеатрдың пайдаланыўға тапсырылғаны мүнәсибети менен қутлықлады.

Қурып питкерилип, пайдаланыўға тапсырылған Амфитеатр узақ жыллар даўамында халқымыздың руўхый дүньясын байытыўға, жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўге, мәдениятымыз ҳәм көркем өнеримизди еледе раўажландырыўға хызмет етери анық.

Амфитеатрдың ашылыў мәресими район турғынлары, көркем өнер шеберлери менен биргеликте Наўрыз байрамына жалғасып, көтериңки рухта даўам етти.

Жаңа Амфитеатр Наўрыз байрамына өз қушағын ашып байрам кешеси даўам етти.

Толық мағлыўмат


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter