Get Mystery Box with random crypto!

Хош хабар Тынып-тыншымас Нурсултаннан және бир байрам алды жа | SHIMBAY JASLARI

Хош хабар

Тынып-тыншымас Нурсултаннан және бир байрам алды жаңалық!


Жаслықта алынған  билим тасқа ойылған нағыс сыяқлы дегениндей Нурсултан Нурниязов билимли, зийрек екенлигин және бир мәрте дәлилледи. Ол Шымбай районы 37-санлы мектепти табыслы тамамлап, жаслар аўқамы грантын жеңип алып Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогика институтина имтихансиз кирген еди, бүгин болса өз теңлеслеринен зийрек шығып "Наўайы" атындағы мәмлекетлик стипендия ийеси болып ,мүддетинен алдын магистратураға  гранд тийкарында оқыўға қабылланды.

Нурсултанды бул жетискенлиги менен қутлықлай отырып ата-анасы ҳәм билим берген устазларына миннетдаршылығымызды билдиремиз

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў :
https://t.me/shimbayrk