Get Mystery Box with random crypto!

Хош хабар #Спорт Шымбайдың спортшылары Қазақстанда ж | SHIMBAY JASLARI

Хош хабар

#Спорт

Шымбайдың спортшылары Қазақстанда жеңимпаз

Елимизде жасларды спортқа қызықтырыӯ ҳәм спортты еледе раӯажландырыӯ бойынша көлемли жумыслар алып барылмақта.Жарыслардың шөлкемлестириӯи болса спортшыларды өз үстинде еледе шуғғыланыӯына имкәният жаратады. Усы жылдың 25-28 июль күнлери аралығында Қазақстан Республикасы Алма-ата қаласында спорттың бокс түри бойынша 2005-2006, 2007-2008, 2009-2010 жыллары туўылған жас өспиримлер арасында «Руҳаний жаңғырыў» бағдарламасы жөнелиси бойынша ашык түрнири болып өтти.
Усы болып өткен ашық түрнирине Шымбай районы Балалар-өспиримлер спорт мектеби спорттың бокс түри менен шуғылланыўшы оқыўшы-спортшылары қатнасып олардан Жаңабаев Ақылбек, Генжебаев Асадбек, ҳәм Асанов Айдослар 1-орынларды, Бақбергенов Асқар, Қосжетеров Бахрам, Қайыржанов Нурланлар 2-орынларды ҳәмде Қалмуратов Адилбек ҳәмде Жаңабев Ҳасылбеклер сыйлы 3-орынларды жеңип алыӯға мияссар болды.

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналымызға ағза болың : @shimbayrk