Get Mystery Box with random crypto!

Өзин-өзи бәнт еткен пуқаралар дизимнен өтсе оған  қандай жеңил | SHIMBAY JASLARI

Өзин-өзи бәнт еткен пуқаралар дизимнен өтсе оған  қандай жеңилликлер бар?

Президентимиздиң 2020-жыл 8-июндағы ПҚ-4742-санлы “Исблерменлик жумысы ҳәм өзин өзи бәнт етиўди мәмлекет тәрепинен тәртипке салыўды әпиўайыластырыў ис-илажлары ҳаққында”ғы қарары қабыл етилип, усы пуқараларға қолайлықлар, кең имканиятлар ҳәм жеңилликлер берилди. 

Атап айтқанда:

өзин өзи бәнт еткен шахс сыпатында дизимнен өтиў бийпул болып, олар “Soliq” мобил косымшасы арқалы дизимнен өтеди ҳәм дизимнен өткенлиги ҳаққында матрицалы штрих код (QR-код) лы гуўалық бериледи.

  өзин өзи бәнт еткен пуқаралардың мийнет искерлиги нәтийжесинде алынған дәраматлары физикалық шахслардың жәми дәраматлары қурамына киргизилмейди ҳәм тапқан дәраматы салыққа тартылмайды.

  өзин өзи бәнт еткен пуқаралар жылына базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында (2023-жыл 1-майдан баслап 330 000 сум) социаллық салықты төлейди ҳәм пуқараға жыллық мийнет стажы есапланады ҳәмде пенсияға шыққанында пенсия муғдарын тайынлаўда төлеген салыклары есапқа алынады.

Қарақалпақстан Республикасында
қарар қабыл етилгеннен кейин 65 435 пуқара, соннан, 2023-жылда 14 669 пуқара өзин өзи бәнт еткен пуқара сыпатында дизимге алынды.

Түсиндирме

2023-жыл 1-майдан баслап жыллық 330 000 сум социаллық салық ҳәр айда 27 500 сумнан туўра келеди.

Ҳәзирги ўақытта бул өзин өзи бәнт еткен шахс сыпатында дизимнен өтиў керексиздей көриниўи мүмкин деген менен, пенсия жасына жеткен ўақытта мийнет стажының аз болыўы ямаса болмаўы себепли пенсия муғдарының аз болыўы менен байланыслы машқала келип шығыўы мүмкин. Бүгинги күнде усы пенсия муғдарының азлығы бойынша көплеген мүрәжатлар келип түспекте.

Усындай машқалалардың алдын алыўды ойлаған ҳәр бир өзин өзи бәнт еткен пуқара дизимнен өтсе келешекке тийкар жаратқан болады.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter