Get Mystery Box with random crypto!

АНАМА ХАТ Ана, саған кеўилдеги сөз, Епке келсе асра балаңды, | KITAP ÁLEMINDE

АНАМА ХАТ

Ана, саған кеўилдеги сөз,
Епке келсе асра балаңды,
Өзиң - қорған, өзиң - қас ҳәм көз,
Урысып қой иси шалаңды.

Оның ойы далада гезер,
Сениң жаның изинде сая,
Сен жылайсаң, жүреги сезер,
Жол қараған өмириң зая.

Гүнәкар ол, ол бир дийўана,
Қай қалыңда айланар басы,
Айтқанына өзи бийгана,
Не мақсети? ... умытты, ырасы!

Саған гүллер термек нийети,
Яқ-яқ, тәғдир қылмақта ермек,
Ар-намыста ердиң ҳүрмети,
Лебизинде турмағы керек.

Ай, жулдызға бағып жүрер ол,
Сынақларға басын иймейди,
Тумарыңды тағып жүрер ол,
Қорқпа ҳасла көзлер тиймейди.

Не болса да келер нәўбети,
Ҳәр сынаққа шешим- ўақыт бар,
Бир Алладан нәзер- әўмети,
Өған да бир несип- бахыт бар.

Ана, саған кеўилдеги сөз,
Қәстелен бе, бәрҳә жүр аман,
Хызметиңе табылса ай жүз,
Өзим менен той алып бараман.

KANALIMIZĞA AĞZA BOLIŇ
@KITAP_ALEMINDE

DOSLARĞA_ULASIŇ
@KITAP_ROBOT