Get Mystery Box with random crypto!

Kewil aynasi (Qalb ko'zgusi)

Telegram kanalining logotibi kewilaynasi — Kewil aynasi (Qalb ko'zgusi) K
Telegram kanalining logotibi kewilaynasi — Kewil aynasi (Qalb ko'zgusi)
Kanal manzili: @kewilaynasi
Toifalar: Iltimoslar
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 278
Kanalning ta’rifi

Бесиктен қәбирге шекем илим изле!

Ratings & Reviews

2.50

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

0


Oxirgi xabar

2022-10-06 16:07:50 #тәрбия

ЎАҚЫТТЫ БӨЛИСТИРИҢ

Бир күнди бийҳуда сарп қылар екенсиз, әўмет келтиретуғын тийкарғы күнлердиң биринен айырылдым, десеңиз болады. Демек, ҳәр бир күнди ақыл менен өткериўге урының.

Ўақыт – искерлигимиздиң ең қәдирли ноқаты бола турып, бизлер оны майдалап ысырап қыламыз, мақсетсиз көкке суўырамыз. Бизлер үлкен ислерге кемлеў, майда ислерге көплеў ўақыт ажыратыўымызға жол қоймаўымыз керек.

Мақсетке ерисиў гилти тәртип ҳәм интизам. Ишки тәртиплерге әмел қылып, жаңа өмир процессин баслап жибересиз.

Күнделикли реже менен ислең. Өз исиңизди жоба тийкарында бөлистириң.

Ҳәзил ийеси болың ҳәм өзгелер ҳәзилин қәдирлең.

Ислерди үйренип шығып, орнында шарайытқа ақылға сүйенип жантасың, бәрқулла мақсетти көзлеп келешекке умтылың.

Ҳеш қашан, ҳәр қандай шарайытта да руўхыңызды түсирмең, керисинше жеңиске ерисиў ушын талапшаңлығыңызды көрсетиң.

Мақсетке ериспестен исти тасласаңыз, сиз әпиўайы ериншексиз.


https://t.me/kewilaynasi
530 viewsБатыр Бердимуратов, 13:07
Ochish/sharhlash
2022-10-06 16:05:42
#ҳикмет

Өмириңизде еки топар адамлар болады. Оларды бир-биринен ажыратып билиң…
– Биринши топардағылар, бос ўақтын сизге сарыплайды…
– Екинши топардағылар болса сиз ушын қымбатлы ўақтын ажыратады…
– «Ўақтым болмады»… «Ўақтым жоқ еди»… «Илажын қыла алмадым»… киби сөзлерге ҳасла исенбең…
Ол инсанның ўақты емес, негизинде қәлеўи болмаған.
– Қәлеў болса ўақыт та, имканият та табылады…

https://t.me/kewilaynasi
416 viewsБатыр Бердимуратов, 13:05
Ochish/sharhlash
2022-10-06 15:58:02
#Инсан_қәдири_ушын

Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими тәрепинен шөлкемлестирилген «Инсан_қәдири_ушын» видеороликлер таңлаўында “Таңлаў жаңалығы” номинациясы бойынша “Дослық миллет таңламайды” видеоролиги менен Аймбетова Байрамгүл-Дин ислери бойынша комитети Карақалпақстан Республикаси аймақлық басқармасы жетекши кәнийгеси жеңимпаз болды.

https://t.me/kewilaynasi
211 viewsБатыр Бердимуратов, 12:58
Ochish/sharhlash
2022-10-03 10:44:13
#тәрбия

ШАҢАРАҚ СЫРЛАРЫН САҚЛАЎ

Бир шаңарақта ерли-зайыплы арасында келиспеўшилик шығып, ҳаял жылап отырған еди. Сол ўақытта есик қағылды. Барып қараса, ҳаялдың үйиндегилер мийманға келген екен.
Үйиндегилер қараса, перзенти көзинде жас пенен турыпты. Оның себебин сораған еди, ҳаял: "Сизлерди еслеп отырып, көзиме жас келди. Қәне енди сизлерди көрсем, деп ойлап турған едим. Қудайға шүкир, мине сизлерди көриўди Аллаҳ таала несип етти", деди.
Күйеўи ҳаялының бул сөзлерин еситип, ҳаялына болған меҳир-муҳаббаты күшейди ҳәм ерли-зайыплы ортасындағы сырларын сақлағаны ушын шад болып, кеўли толды.


https://t.me/kewilaynasi
454 viewsБатыр Бердимуратов, 07:44
Ochish/sharhlash
2022-10-01 07:53:42
Дүнья имаратлары ишинде ең уллысы мектеп болса,
Кәсиплердиң ишинде ең шарапатлысы оқытыўшылық ҳәмде тәрбияшылықдур.

Ислам Каримов

https://t.me/kewilaynasi
1.2K viewsБатыр Бердимуратов, 04:53
Ochish/sharhlash
2022-10-01 07:28:10 МЕН МУҒАЛЛИМ ДЕГЕН ХАЛЫҚТЫ СҮЙЕМЕН

Жас әўладлар, келешекке баратқан,
"Устазым" деп сыйлап, арқа сүйеген,
Қалың елге билим нурын таратқан,
Мен муғаллим деген халықты сүйемен!

Ҳәммелерден ақыллы хәм билимли,
Ең дәслеп силтеген жүрер жолыңды,
Мудамы көксиме қойып қолымды,
Мен муғаллим деген халықты сүйемен!

Әййемде данышпан Әрастуў өткен,
Аплатун ол затқа устазлық еткен.
Искендер Зулқарнайн, Амир Темурлер
Устазға бас ийип, хүрмет көрсеткен.

Устаз болған ерси исти етпеген,
Билгирмен деп менменликке кетпеген.
Наўайылар журттан уллы болса да,
Жамийдиң алдынан кесе өтпеген.

Билимли ел санасы бар, көзи бар,
Озық дүнья арасында өзи бар.
"Бир ҳәрип үйреткен устазға қырқ жыл
Хызмет кылың" деген халықтың сөзи бар.

"Билимли ел озар" дейди халайық,
Бул нақылға бәрҳа садық болайық.
Бизде сондай даңқлы муғаллимлер бар
Беруний әўлады деўге ылайық.

Сиз—мураббий, турған булақ басында,
Ҳәр жеткиншек қанып ишсин жасында.
Жаңа заман талабына салық бил,
Бүгин жаңа әсир босағасында.

Бул киятқан әсир пүткил әлемде
Жүгинер тек илим менен билимге.
Бул киятқан әсир саған түсинбес.
Сөйлеспесең компьютер тилинде.

Пал хәрредей гүлден әсел жыйыңлар,
Устазлықтың жолы енди қыйынлар.
Мийге—билим, жүрегине жаслардың
Адамгершиликтиң нурын қуйыңлар.

Билим менен ақыл егизге усар,
Билим—келешекке негизге усар.
"Билимсиз-ақ жасаймыз" деп жүргенлер,
Ендиликте суўсыз теңизге усар.

Руўҳынды шөллетпей суўғарар болың,
Албаўлық арбасын туўарар болың.
Ҳәр оқыўшың тест-сынақтан өткенде,
Шешең қыз туўғандай қуўанар болың.

"Устазым" деп, жаслар арқа сүйеген,
Алдыңызда ақ басымды ийемен.
Келешектиң гүлшанына гүл еккен,
Мен муғаллим деген халықты сүйемен
2001-жыл.

Ибрайым Юсупов

https://t.me/kewilaynasi
887 viewsБатыр Бердимуратов, 04:28
Ochish/sharhlash
2022-09-30 13:23:46
БАСЛАНЫЎ

• Егер турмысыңның саадатлы болыўын қәлесең ҳәм неден баслаўды билмей атырған болсаң, түнги намаздан басла!

• Егер турмысыңа берекет қосыўды қәлесең, ҳәр бир исти "Бисмиллаҳ"тан басла!

• Егер узақ өмир ҳәм пәраўан турмыс қәлесең, жақын ҳәм узақ ағайинлериң менен байланысты тикле!

• Егер перзентлериң жақсы болыўын қәлесең, өзиңди жаңала!

• Егер мәнзилге жетиўди қәлесең, жүр!

• Егер түстеги әрманларыңа жетисиўди қәлесең, оян!

• Егер қәлемей атырған болсаң, қәлеп басла!


https://t.me/kewilaynasi
840 viewsБатыр Бердимуратов, 10:23
Ochish/sharhlash
2022-09-28 14:27:00
ДОС ҲӘМ ТУЎЫСҚАН

Бир данышпаннан сорады:
– Туўысқан аға-иниңизди көбирек жақсы көресиз бе яки достыңызды ма?
– Туўысқанымды жақсы көремен, егер ол маған дос болса!
Достымды жақсы көремен, егер ол маған туўысқанымдай болса!


https://t.me/kewilaynasi
617 viewsБатыр Бердимуратов, 11:27
Ochish/sharhlash
2022-09-28 07:30:58 АНАҢЫЗ БУЛ ГӘПЛЕРДИ СИЗГЕ ҲАСЛА АЙТПАЙДЫ!

Алдыма қолларыңызда мен ушын арзымаған болса да, бир нәрсе көтерип келиўиңиз, маған болған итибарыңызды билдиреди.

Мен менен исиңиз болмай, телефоныңыз бенен бәнт болыўыңыз, мени жас баладай түсинбейди, деп есаплаўыңыз, бир сөз айтсам, шалғытты, деп ашыўыңыз келиўинен қапа боламан.

Асханада белим аўырып, аяқларымда қуўат қалмай, сизге аўқат таярласам, жегениңизде сизге жақпай қалса, қапа боламан.

Сизди күтпегенимде, жалғыз қалғанымда, тосаттан келсеңиз, маған бир әлем қуўаныш бағышлайды.

Жаслығыңызда хызметиңизди қылар едим, мениң де енди сизге айта алмаған итияжларым бар. Ҳәр ай айлығыңыздан маған да азғана ажыратсаңыз, мени бахтияр қылған болар едиңиз.

Күн келип, мениң ханама киресиз. Лекин, онда мени таўа алмайсыз. Ҳәр қанша үлкейсеңиз де мен ушын жас бала болып қаласыз.

Нәсиятымды қабыл қылың балам. Сизлерге қаттықоллық қылған пайытымда да сизлерди жақсы көргенмен.

Дүньяның гөззалығын сизлердиң бахытыңызда көретуғын анаңызды қәдирлей билиң!

https://t.me/kewilaynasi
697 viewsБатыр Бердимуратов, 04:30
Ochish/sharhlash
2022-09-28 07:10:01
ЖАЛҒАНЫНА АЛДАНАМЫЗ

Бир улама отырған жеринен айнаға қарап, қасында отырғанларға депти:
— Сизлерге бир жалған айтаман Пәленше өтип баратыр.
Ҳәмме орнынан турып, айнадан сыртқа қарапты.
Улама күлимсиреп:
— Мен сизлерге жалған айтаман десем де, орныңыздан турып қарадыңыз.
Дүнья да тап сондай жалғаншы, көре-биле турып жалғанына алданамыз!

Ассалаўма алейкум.

https://t.me/kewilaynasi
625 viewsБатыр Бердимуратов, 04:10
Ochish/sharhlash