Get Mystery Box with random crypto!

Енди диплом дубликатын алыў және де аңсатласты Жоқары ҳәм орт | KarOne.uz | Рәсмий канал

Енди диплом дубликатын алыў және де аңсатласты

Жоқары ҳәм орта арнаўлы профессионал билимлендириў ҳаққындағы ҳүжжет (диплом) дубликатларын алыў тилегин билдирген пуқараларға онлайн мүражат етиў имканияты жаратылды.

Бул ҳаққында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң баспасөз хызмети мәлим етпекте.

Енди пуқаралардың билимлендириў мәкемелерине барыўы шәрт емес. Пуқара Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы my.gov.uz арқалы онлайн ямаса өзине жақын жердеги Мәмлекетлик хызметлер орайларына барып диплом дубликатын алыў ушын сораўнаманы толтырады. Артықша ҳеш қандай ҳүжжет талап етилмейди.

Мүрәжат етилген күннен баслап он күн ишинде ўәкилликли уйымнан диплом дубликатын алып кетиўи ямаса почта хызметинен пайдаланған жағдайда он бес жумыс күнинде оның жасаў мәнзилине берилиўи мүмкин.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

KarOne.uz | Сиз күткен формат!