Get Mystery Box with random crypto!

“Уммон” топарындағы Зоҳид елеге шекем кома жағдайында “Уммон” | Каракалпакстан 24/7

“Уммон” топарындағы Зоҳид елеге шекем кома жағдайында

“Уммон” топарының бурынғы ағзасы Зоҳид Рисқиевтиң өмирлик жолдасы Камала Ортиқова қосықшының жағдайы ҳаққында мағлыўмат берди.

“Маған келетуғын болсақ, мен жақсыман. Емлеўханадан шықтық, әкесин күтип атырмыз. Ҳәммеге дуўа ушын рахмет. Жақсы хабар болса айтаман, бирақ еле баяғыдай, өзгерис жоқ. Ҳәммеден өтиниш, дуўада болың. Елеге шекем кома жағдайында”, — дейди қосықшының ҳаялы.

Сондай-ақ, “Уммон” топарының және бир ағзасы Шоҳрух та Зоҳид Рисқиевтиң жағдайын сорап жазып атырған ықласбентлерине, оны емлеп атырған шыпакерлерге миннетдаршылық билдирди ҳәм оның аўҳалы еле де аўыр екенин, комадан шықпағанын айтты.

Қосықшы Жасур Рафиқовтың жағдайы жақсы екенин қосымша еткен.

@Karakalpakstan_24 Сиз куткен формат