Get Mystery Box with random crypto!

Нөкис-Истанбул жөнелисинде дәслепки рейс ушын авиабилетлер сат | Kar24.uz | Расмий канал

Нөкис-Истанбул жөнелисинде дәслепки рейс ушын авиабилетлер сатылыўы басланды

Қарақалпакстан Республикасына туристлер ағымын және де көбейтиў, оларға қолайлы шәраятлар жаратыў мақсетинде усы жылдың июнь айынан баслап Нөкистен Истанбулға авиақатнаўлардың жолға қойылыўы, билетлердиң апрель айынан баслап сатыўға шығарылыўы режелестирилген еди.

Қысқа ўақыт ишинде ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен авиақатнаўлар ушын дәслепки рейс билетлери сатылыўы басланды.

Әлбетте, Қарақалпақстанға болған айрықша итибар менен жаратылып берилип атырған мүмкиншиликлер қатарында бул имканият та республикамыздың социаллық-экономикалық жақтан раўажланыўында, соның ишинде туризмди раўажландырыў ушын және бир әҳмийетли жаңалық болды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @Kar24Uz