Әдиллик министрлиги тәрепинен "Ҳеш бир шахс ҳүжжетсиз қалмайды" ҳуқықый акциясы даўам етпекте...
Ҳуқықый акция шеңберинде өз ўақтында алынбай қалған төмендеги ҳүжжетлер рәсмийлестириледи: туўылғанлығы ҳаққындағы гүўалық;
өлими ҳаққындағы гүўалық;
ID карта;
дизимнен өткерилмеген исбилерменлик субъектлерин мәмлекетлик дизимнен өткериў;
мәмлекетлик дизимнен өткерилмеген көшпес мулк объектлерин дизимнен өткериў.
тийисли ҳүжжетлерге ийе болмаған шахслар республика көлеминде хатлаўдан өткериледи;
пуқаралардың усы түрдеги мүрәжатлары орынларда шөлкемлестирилген арнаўлы штаблар ямаса "1148" исеним телефоны арқалы тезлик пенен қабыл етиледи;
келип түскен барлық мүрәжатлар үйренип шығылып, машқалаларды нызамлы жол менен шешиўге көмеклесиледи.
Буннан басқа, толық мағлыўматларды жоқарыда көрсетилген видеороликтен көриўге болады
Каналға жалғаныў: @Kar24Uz