Get Mystery Box with random crypto!

'Жаслар дәптери' ҳаққында 10 әҳмийетли мағлыўмат 1. «Жаслар д | Ikram Abdikalikov✅

"Жаслар дәптери" ҳаққында 10 әҳмийетли мағлыўмат

1. «Жаслар дәптери»— социаллық, экономикалық, ҳуқықый, психологиялық қоллап-қуўатлаўға, билим ҳәм кәсип үйрениўге мүтәжлиги ҳәм қызығыўшылығы болған, жумыссыз жаслардың мәселелерин анықлаў, сапластырыў ҳәм қадағалаў бойынша мағлыўматлар базасы.

2. «Жаслар дәптери»не 14 жасқа толған ҳәм 30 жастан аспаған жаслар киритиледи.

3. «Жаслар дәптери»не жаслар қыйналып атырған ҳәр қандай мәселе, исбилерменлик, төлемлер яки басқалар бойынша мүрәжат етиў, дизимнен өтиў ҳәм белгиленген жеңилликлерден пайдаланыў имканиятына ийе.

4. Материаллық жағдайы қыйын жасларға бир ретлик материаллық жәрдем тайынланады. (Анық муғдары жастың турмыслық жағдайын есапқа алған ҳалда БЕМның 4 есесине шекем муғдарда).

5. Бир ретлик материаллық жәрдем шахсты «Жаслар дәптери»нен шығарыўға тийкар болмайды. Материаллық жәрдем бир жылда бир мәрте бериледи.

6. "Жаслар дәптери"не киритилген жас исбилермен яки өзин-өзи бәнт еткен шахсқа искерлигин әмелге асырып атырған орынның 12 айға шекемги ижара қәрежетлериниң бир жылда БЕМнинг 25 есесине шекемги бөлеги қаплап берилиўи мүмкин.

7. «Жаслар дәптери»не киритилген шаңарақ перзентлериниң контракт төлемлери Қәўендерлик кеңеси қарарына муўапық төлеп бериледи (контракт суммасының 50%не шекем, бирақ БЕМның 50 есесинен аспаған муғдарда).

8. «Жаслар дәптери»не кирген жас шаңарақлардың турақ жай ушын ижара компенсациясы 12 айға шекем ҳәр айда БЕМның 3 есесинен аспаған муғдарда төлеп берилиўи мүмкин.

9.«Жаслар дәптери»нен шығарылады: Шахстың мәселелери өз шешимин тапқанда (жумысқа кирсе, турақлы дәраматқа ийе болса, ижара төлемин төлеп болса ҳ.т.б.).

10. Жаслардың мүрәжатлары yoshlardaftari.uz интернет сайты,  1093 қысқа номери, @yoshlardaftari_bot телеграмм бот арқалы қабылланады.

@dembermes_uz