Get Mystery Box with random crypto!

Ҳаял-қызлар ҳәм еркеклер тең ҳуқық ҳәм имканиятлар менен тәмий | IIV Jamoat xavfsizligi departamenti | Rasmiy kanal

Ҳаял-қызлар ҳәм еркеклер тең ҳуқық ҳәм имканиятлар менен тәмийинленеди

Жаңа редакциядағы Конституцияның 58-статьясында "Мәмлекет ҳаял-қызлар ҳәм еркеклерге жәмийет ҳәм мәмлекет турмысының басқа тараўларында тең ҳуқық ҳәм имканиятларын тәмийинлейди" деп көрсетилген. Жаңа Конституциядағы усы сыяқлы өзгерислерди ҳаял-қызларға үгит-нәсиятлаў мақсетинде Мойнақ районы ҳәкимлиги, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими тәрепинен аймақларда илажлар шөлкемлестирилмекте. Бундай илажлардың бири Мойнақ районы "Тикөзек" аўыл пуқаралар жыйыны аймағында болып өтти. Оған сол аўылда жасаўшы ҳаял-қызлар, районлық Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы Б.Жамалова, Руўхыйлық-ағартыўшылық орайы районлық бөлими баслығы Г.Тоқсанбаева, районлық ПҲАЖ бөлими баслығы А.Турғанбаева, РИИБның аға инспекторы лейтенант А.Рахмановалар қатнасты. Олар жыйыналғанларға Жаңа редакциядағы конституцияның мазмун-мәниси түсиндирди.

@IIVJXDUZ