Get Mystery Box with random crypto!

'Президент саугалары тапсырылды'. Бүгин Республикамыздың бәрше | IIV Jamoat xavfsizligi departamenti | Rasmiy kanal

"Президент саугалары тапсырылды".
Бүгин Республикамыздың бәрше оқыў орынларында жаңа оқыў жылының басланыўы менен кең көлемли иләжлар өткерилмекте. Усындай иләж Караозек районы 33-санлы мектепте болып өтти. Иләжға қатнасқан тийисли тараў хызметкерлери мектеп оқыўшыларын жаңа оқыў жылы ҳәмде Ғәрезсизлигимиздиң 31 жыллығы менен қутлықлады. Сондай-ақ, иләж барысында Озбекстан Республикасы Президентинин мектепке енди кадем койып атырган жас ауладка Президент саугалары ягный 12 предметтен ибарат окыу кураллары тапсырылды хам окыуларында табыслар тилеп, мәмлекетимизде алып барылып атырған ийгиликли ислердиң мазмун мәниси, келешек әўладқа жаратылып атырған кең имкәниятлар ҳаққында айтып өтилди. Соның менен қатар оқыўшылардың ҳәр тәреплеме қәўипсизлигин әсиресе, балалар арасында жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеўде жол ҳәрекети қәделерине әмел етиўлери тусиндирилди.
Н.Бекимбетова
Караозек РИИБ ЖҲХ ХПБ Хаял-қызлар мәселелери бойынша аға инспекторы, аға лейтенант

@IIVJXDUZ