Get Mystery Box with random crypto!

#сийрат • НӘБИЙ АЛАЙХИССАЛАМНЫҢ ДЕНЕ ДҮЗИЛИСИНИҢ СЫПАТЫ Баро | .

#сийрат

• НӘБИЙ АЛАЙХИССАЛАМНЫҢ ДЕНЕ ДҮЗИЛИСИНИҢ СЫПАТЫ

Баро разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
"Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам орта бойлы, ийинлери кең, шашлары көп болып, ийнине түсип туратуғын адам еди. Үстинде қызыл реңли кийим болар еди. Ҳеш қашан Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан гөззалырақ ҳеш нәрсени көрмегенмен".
Екеўин еки шайх ҳәм Термизий рәўият қылған.
Шолыў: Баро разыяллаҳу анҳу сыпатлап атырган қызыл реңли кийимди Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа саллам бәрқулла киймеген. Көбирек ақ реңли кийим кийгени белгили.

Шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуф раҳимаҳуллаҳтың "Ҳәдис ҳәм турмыс" китабынан

•┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈•

Каналға ағза болыў:
https://t.me/Ibadat_uz