Get Mystery Box with random crypto!

#фиқҳ • Тәкбири таҳрима Ҳәр намаздың басында егер ол парыз б | .

#фиқҳ

• Тәкбири таҳрима

Ҳәр намаздың басында егер ол парыз болсын, нәпил болсын, тәкбири таҳриманы (намаз әмеллеринен басқа нәрселерди ҳарам қылыўшы тәкбирди) айтыў менен ғана намаз дурыс болады. Биздиң Ҳанафий мазҳабимизде буны айтыў намаздың биринши парызы есапланады. Тәкбири таҳриманың айтылыўы "Аллаҳу акбар" калимасы. Бул тәкбир еки рәкәәтли намазда 11 мәрте тәкирарланады. Үш рәкәәтли намазда 17, төрт рәкәәтли намазда 22 мәрте тәкирарланады. Яғный, ҳәр бир рәкәәтта бесеўден тәкбир айтылады. Булардың бири рүкүда, төртеўи еки сәждеге барыўда ҳәм сәждеден қайтыўда. Ҳәм алдынғы тәшаҳудтан түрып атырғандағы тәкбир бар.

Бүл тәкбирлерди айтыў сүннет. Оларды билип түрып ямаса қәтелесип тәрк еткен менен намаз бузылмайды саҳиү сәждесиде қылынбайды, бирақ сүннетке әмел қылмаған болады. Тек ғана намаздың басындағы тәкбири таҳрима ондай емес. Тәкбири таҳриманы айтпаған адам намазын қайтадан оқыўы керек болады.

Дерек: islom.uz

Каналға ағза болыў:
https://t.me/Ibadat_uz