Get Mystery Box with random crypto!

#тымсал ​​ШЕГЕНИҢ ҚЫССАСЫ Бир қалада адамлар зәўлим, ш | Hikmetli sózler

#тымсал

​​ШЕГЕНИҢ ҚЫССАСЫ

Бир қалада адамлар зәўлим, шырайлы бир имарат қурды. Ол жүдә көркем еди. Сүтинлери, нағыслары, қулласы ҳәмме жери шырайлы еди. Келген адамлар ол имараттың айналарын, шырайлы бояўлар менен сызылған нағысларын, перделерин мақтар еди. Бирақ ҳеш ким тамның үстинде қағылған шегени айтпас еди. Бир күни шеге ойлап қалды: “Ҳәммени мақтайды, ҳәттеки аяқтың астында жатқан гилемди де мақтайды, мен ҳаққымда бир адам да еслемейди. Демек мен бул имаратқа керек емеспен", деп турған жеринен суўырылып шығып кетип қалды, оның изинен басқа шегелер де ерди.
Сол күни кешке шекем қатты боран болды, шегеси суўырылып шығып кеткен шиферди күшли самал ушырып кетти, бораннан кейин қатты нөсер жаўын жаўды. Шиферсиз қалған имараттан жаўын өтип кетти. Хананың ишине үстинен суў өтип, ханадағы бояўларды өширип таслады, гилемлер ылайға батты, перделер адам көре алмайтуғын аўҳалға түсти.
Шеге буларды көрип, адамлар өзи ҳаққында айтпағаны менен, ол ҳаққында билмегени менен өзиниң қаншелли керекли екенин түсинди. Өзи себепли қанша нәрселер шығындыға айланғанын билди ҳәм қылған исине өкинди.

Жуўмақ: Бәлким қоршаған орталығымызда бизлерди ҳеш ким нәзерге илмес, бәлким бизлер ҳаққымызда ҳеш ким билмес, бирақ ҳәр бир инсанның жәмийетте өз орны бар, ол сол жәмийеттиң әҳмийетли бир бөлеги...
Адамларға жақсылық ислеп турғаныңда сени бүгин мақтаса, ертең қолыңнан жақсылық келмей қалғанда сени жаманлаўы мүмкин. Сен буған қапа болма, өйткени "инсан" сөзи "умытыўшы" сөзинен келип шыққан, делинеди. Ең тийкарғысы ҳүжданың, ийманың алдында пәк болыўың.


️http://t.me/hikmetlisozler