Get Mystery Box with random crypto!

Таҳәрат алып жатыўдың 6 пазыйлети 1. Таҳәратлы ҳалда жатқан б | HIKMET_UZ || Рәсмий канал

Таҳәрат алып жатыўдың 6 пазыйлети

1. Таҳәратлы ҳалда жатқан бендениң ҳақысына периштелер дуўа қылады.
Ибн Умар разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтты: “Ким пәк ҳалында уйқыласа, оның ҳақысына бир периште: “Аллаҳым, бул бендеңди мағфират қыл. Себеби ол пәк уйқылады”, дейди” (Имам Ибн Ҳиббан рәўияты).

2. Таҳәратлы ҳалда жатқан бендениң дуўасы қабыл болады. Муаз ибн Жабал разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Қайсы бир мөмин бенде Аллаҳты зикир етип, пәк ҳалында уйқыласа ҳәм түнде турып, Аллаҳтан дүнья ҳәм ақырет жақсылығын сораса, Аллаҳ оған сораған нәрсесин әлбетте береди”, деди (Имам Әбиў Даўыт рәўияты).

3. Қыямет күнинде де таҳәратлы ҳалында тириледи. Уламалар: “Уйқыға жатыўдан алдын алынған таҳәратты өлимге таярлықтың дәслепки қәдеми” дейди. Ибн Аббас разыяллаҳу анҳума айтады: “Таҳәрат алып жатқан ҳалында қайтыс болған кисиниң руўхы таҳәратлы ҳалда қайта тириледи” (Фатҳул Бәрий, Умдатул Қорий)

4. Таҳәратлы ҳалда жатыў жаман түслерди көриўден сақлайды. Ибн Ҳажар Асқаланий раҳимаҳуллаҳ айтады: “Ким таҳәрат алып орнына жатса, жақсы түс көреди ” (Фатҳул Бәрий).
Муҳаммад Закария раҳматуллаҳи алайҳи былай дейди: “Таҳәрат алған ҳалда уйқыға жатыў, жаман түс көриўден сақлайды” (Тақрир Бухарий).

5.Таҳәрат пенен жатыў түнди ибадат пенен өткизгенниң саўабына жеткизеди. Ал-Ижлий айтады: “Ким таҳәрат алған ҳалында Аллаҳ тааланы зикир қылып орнына жатса, уйқысынан оянғанша түни менен Аллаҳ тааланың ибадатында болғанлардың саўабына ериседи ” (Фатҳул Бәрий).

6. Таҳәратлы ҳалда жатқан бендениң руўхы Аллаҳ тааланың Аршысының алдында сәжде қылады. Әбиў Дарда разыяллаҳу анҳу айтады: “Қашан мөмин бенде уйқыласа, оның руўхы Аршға көтериледи. Егер бенде таҳәратлы ҳалында жатқан болса, оның руўхына Аршда Аллаҳ таалага сәжде қылыўға руқсат бериледи” (Ибн Мүбәрак Китабуз-Зуҳд, Фатҳул Бәрий).

Расулуллоҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Ким таҳәрат үстине таҳәрат алса, Аллаҳ оған он (саўап) жақсылық жазады”, деген (Имам Әбиў Даўыт рәўияты).

Ҳәзирет Умар ибн Хаттоб разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Егер сизлерден бириңиз таҳәрат алып, таҳәратын жақсылап алып, соңынан: “Әшҳаду әлләә иләәҳә иллаллаҳу ўаҳдаҳу ләә шәрийкә ләҳу. Ўә әшҳаду әннә Муҳаммадан ъабдуҳу ўә Расулуҳу», деп айтса, әлбетте,оған жәнеттиң сегиз есиги ашылады ҳәм ол қәлегенинен киреди”, деди» (Имам Мүслим рәўияты).


Дерек: Muslim.uz сайты

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz