Get Mystery Box with random crypto!

ҲӘЗИРДЕ | Рәсмий канал

Telegram kanalining logotibi hazirde — ҲӘЗИРДЕ | Рәсмий канал Ҳ
Telegram kanalining logotibi hazirde — ҲӘЗИРДЕ | Рәсмий канал
Kanal manzili: @hazirde
Toifalar: Yangiliklar
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 2.93K
Kanalning ta’rifi

⚡Елимиз ҳәм дүньяда жүз берип атырған ең соңғы жаңалықларды каналымызда бақлап барың!

Ratings & Reviews

4.00

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

2

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

0


Oxirgi xabar 2

2023-01-13 10:43:19
Суўық ҳаўа тәсири 15-январьға шекем даўам етеди – Өзгидромет

Өзбекстанда суўық ҳаўа массасының тәсири екшембиге шекем сақланып турады. Ҳаўа температурасы кешки ўақытлары -12-17, айырым жерлерде -20 дәрежеге шекем суўық болыўы мүмкин. Айырым жерлерде қар жаўады.

Россияның Европа бөлиминиң арқа аймақларында пайда болған суўық ҳаўа массасының тәсири Өзбекстан аймағы бойлап 15-январьға шекем даўам етеди, деп хабар бермекте «Өзгидромет».

Қарақалпақстан хабар агентлиги

@HAZIRDE — LIVE жаңалықлар!
1.1K views07:43
Ochish/sharhlash
2023-01-13 08:42:45
Қарақалпақ аймақлық электр тармақлары кәрханасы»АЖ ЕСКЕРТЕДИ!                                                                           
Электр энергиясын ислеп шығарыўшы станцияларында қуўатлық ҳәм жанылғы ресурсларының жетиспеўлиги себепли  Қаракалпақстан Республикасының барлық қала ҳәм район аймақларында 2023-жылдың 13-январь күни саат 07:50 ден баслап электр энергиясы менен тәмийнлеўде шеклеўлер киргизилетуғынын ескертемиз.

@HAZIRDE — LIVE жаңалықлар!
1.1K views05:42
Ochish/sharhlash
2023-01-13 07:04:35
ҚАРАҚАЛПАҚША АЙ АТЛАРЫ

• Дәлиў - Январь
• Ҳүт Февраль
• Ҳамал Март
• Сәўир Апрель
• Жаўза Май
• Саратан Июнь
• Ҳәсет Июль
• Сүмбиле Август
• Мийзан Сентябрь
• Ақырап Октябрь
• Қаўыс Ноябрь
• Жедди Декабрь

@HAZIRDE — LIVE жаңалықлар!
1.1K views04:04
Ochish/sharhlash
2023-01-13 06:52:31
Қашқадәрьяда сарқырама музлап қалды.

Пүткил Өзбекстанға шырайы менен белгили болған Қашқадәрья дағы “Сувтушар” сарқырамасы аномал суўық себепли музлап қалған.

@HAZIRDE — LIVE жаңалықлар!
1.0K views03:52
Ochish/sharhlash
2023-01-13 06:51:15
Автомобиль ықласбентлери ушын жаңалық

Лед лого
Машина есиклерине орнатылады.
Сенсор қурылмасына ийе есик ашқаныңызда Chevrolet эмблемасын көрсетип турады.
Ҳәмме автомобиллерге түседи.

Баҳасы 157.000сум

Жеткерип бериў бийпул
Товар жетип барғанда төлем алынады

Буйыртпа бериў ушын көк силтемени басың

https://100k.uz/oqim/189948
https://100k.uz/oqim/189948
1.1K views03:51
Ochish/sharhlash
2023-01-12 14:34:12
Оқыў 16-январда басланады

Қарақалпақстандағы барлық ЖООлар, орта арнаўлы билим бериў мәкемелери, улыўма билим бериў мектеплери ҳәм мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде дем алыс күнлери 16-январьға шекем созылады.

@HAZIRDE — LIVE жаңалықлар!
1.3K views11:34
Ochish/sharhlash
2023-01-12 14:31:39
Қарақалпақстан Республикасындағы барлық улыўма орта билим бериў мектеплеринде дем алыс мүддети 16-январьға шекем узайтырылды.

Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириӯ министрлиги Мәлимлеме хызмети

@HAZIRDE — LIVE жаңалықлар!
1.2K views11:31
Ochish/sharhlash