Get Mystery Box with random crypto!

Өзбекстанға екшемби күнинен баслап жыллы ҳаўа кирип келе басла | ҲӘЗИРДЕ | Рәсмий канал

Өзбекстанға екшемби күнинен баслап жыллы ҳаўа кирип келе баслайды

Екшемби күни Өзбекстанның арқа-батыс аймақларына жыллы ҳаўа кирип келе баслайды. Температура кешки ўақытлары -12-17 дәреже, күндизги ўақытлары -5-10 дәреже болады.

Дем алыс күнлери 14-15-январь сәнесинде суўық ҳаўа райы әсте-әсте күшсизлене баслайды, деп хабар бермекте Өзгидромет орайының баспасөз хызмети.

Екшемби күни республиканың арқа-батыс аймақларына Каспий теңизинен жыллы ҳаўа кирип келиўи басланады, ол антициклонның суўық перифериясын артқа сүре баслайды.

Екшемби күни ҳаўа бираз жыллы болады, кешки ўақытлары -12-17 дәреже, күндизги ўақытлары -5-10 дәреже болады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

@HAZIRDE — LIVE жаңалықлар!