Get Mystery Box with random crypto!

Шторм хабарландырыў Усы жылдың 9-январь күнинен баслап Респу | ☀️☁️ Hawa Rayi 🌧❄️ | Хауа Райы

Шторм хабарландырыў


Усы жылдың 9-январь күнинен баслап Республикамыз аймағына Волгабойы аймақларынан Европаныӊ арқа аймақларында пайда болған суўық ҳаўа массасы кирип келиўи күтилмекте.
9-10-январы күнлери самалдың тезлиги 15-20 м/с тан, айырым жерлерде 17-22м/с қа шекем күшейиўи күтилмекте.
10-15-январь күнлери Республикамыз аймағында аномал суўық болыўы күтилмекте
ҳаўаныӊ температурасы түнги ўақытлары -10-15гр суўықтан, арқа районларда -17-22гр суўық, Үстүрт тегислигинде -25-27гр суўыққа шекем, күндизги ўақытлары -7-10гр суўыққа шекем төменлеўи күтилмекте.

Узгидромет
05.01.2023ж.

@hawa_rayi