Get Mystery Box with random crypto!

​ҚУМШЕКЕРДИҢ ҚАНДАЙ ПАЙДАЛЫ ҚӘСИЙЕТИ БАР? Көпшилик жағдайлард | Gulnaz med diagnostic

ҚУМШЕКЕРДИҢ ҚАНДАЙ ПАЙДАЛЫ ҚӘСИЙЕТИ БАР?
Көпшилик жағдайларда қантлы диабетти келтирип шығарғанлықтан, қумшекер зыянлы есапланады. Негизинде, ол жасаў ушын оғада керекли екенлиги тастыйқланған.

Қумшекердиң майдаланыўы организм ушын ең зәрүрли энергия дереги глюкозаны ислеп шығарады. Сондай-ақ, глюкозаның бир бөлеги кейинирек энергияға айланыў мақсетинде сақланады. Бул энергия ораза тутқанда ямаса уйқлаў ўақтында иске қосылады.

Шоколадтың қурамында шекер ҳәм басқа да пайдалы компонентлер бар. Ол мыйды зыянланыўдан қорғайды ҳәм ондағы байланысты жаратыўға жәрдем береди. Бул жақсырақ ойлаў ушын әҳмийетли.

Қумшекер бизди қуўандырыў қәсийетине де ийе, себеби ол мыйымыздағы қуўанышты пайда ететуғын дофамин ағымын қозғайды. Егер де түскинликте болсаңыз, жумсақ, шоколадлы торт ямаса көбирек шекер қосылған өсимлик шайын ишиң. Бул сизиң кейпиятыңызды көтереди.

Жақынларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң!
https://t.me/gulnazmeddiagnostic