Get Mystery Box with random crypto!

Бүгин 20-август күни GULNAZ MED DIAGNOSTIC клиникасында 2019 ж | Gulnaz med diagnostic

Бүгин 20-август күни GULNAZ MED DIAGNOSTIC клиникасында 2019 жылда туўылған қыздан 2 метр әтирапында қарамал таспа қурты(бичый цепень) түсирилди.

19-август күни клиникамызға ишки кийимине ақ нәрселер бөлинип түсип атырғанын айтып шикаят пенен келди. Шыпакер менен сәўбетте анасы қызының самса яки мантыларға таярланған шийки фаршларды, көп колбаса жеўин мәлимледи.

Балаларымызды шийки ҳәм шала писирилган гөшли аўқатлардан (шашлик, лаваш) асырайық. Әсиресе, қызларымызға еслетемиз: фаршдың дузын көремен деп шийки ғөшлер жемеўди!
@gulnazmeddiagnostic