Get Mystery Box with random crypto!

Конституцияға киргизилип атырған жаңа 40-статьяға бола, Мәмлек | "Ел хызметинде" газетасы

Конституцияға киргизилип атырған жаңа 40-статьяға бола, Мәмлекет Аралбойы регионының экологиялық системасын қорғаў ҳәм тиклеў, оны социаллық, экономикалық жақтан турақлы раўажландырыў бойынша зәрүр шаралар көреди, деп белгиленбекте.
Белгили болыўынша, Аралбойында ықлым өзгериўи ҳәм топырақ жемирилиўиниң алдын алыўға қаратылған бағдарламалары тийкарында 300 млн АҚШ доллары муғдарындағы жойбарларды әмелге асырыў, Арал теңизиниң қурыған түбинде қосымша 500 мың гектар жасыл майданларды жаратыў, 2026-жылдың ақырына шекем олардың улыўмалық майданын 2,5 млн гектарға жеткериў режелестирилмекте.
Қысқа етип айтқанда, бул киргизилип атырған өзгерис басқа мәмлекетлердиң конституцияларында ушыраспайтуғын жағдай болып, онда айрықша региондағы экологиялық системаны қорғаў мәселеси мәмлекетлик мәжбүрият сыпатында белгиленбекте.

Дерек: https://meningkonstitutsiyam.uz/