Get Mystery Box with random crypto!

САБЫР ЕТИҢ БӘРИ ЖАҚСЫ БОЛАДЫ. *** Душпан сырттан емес иштен ш | Қарекен онлайн

САБЫР ЕТИҢ БӘРИ ЖАҚСЫ БОЛАДЫ.
***
Душпан сырттан емес иштен шығады,
Бүгин болған даўыл ертең тынады,
Көп узамай өз-өзинен сынады,
Сабыр етиң, бәри жақсы болады.
***
Бенде тосса тоссын, Алла тоспасын,
Басыңызды жаманларға қоспасын,
Ҳәмме өзин басып алсын, усласын,
Сабыр етиң, бәри жақсы болады.
***
Халқым исенемен, жулдызың сөнбес,
Киндик қанын тамған жерди ким сүймес,
Қарақалпақ миллитине шаң тиймес,
Сабыр етиң, бәри жақсы болады.
***
Бәрине Президент нәзер салады,
Пикирлерди инабатқа алады,
Қарақалпақ аты мәңги қалады.
Сабыр етиң, бәри жақсы болады.
***
Жырақ жүриң ғыйбат өсек жаладан,
Жаман ойды өшириңлер санадан,
Тилек тилеп сораң жалғыз Алладан,
Сабыр етиң, бәри жақсы болады.
***
«Жақсы нийет жарым ырыс» деген бар,
«Көп тилеги қабыл болар» деген бар,
Алдыннан болжаўлап ашабермең пал,
Сабыр етиң, бәри жақсы болады.
***

Ансатбай Каражанов 30.06.2022-жыл

Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai