Get Mystery Box with random crypto!

Бир яшы уллы менен сөйлескенимде ол марҳум Муса Ерниязовты был | Қарекен онлайн

Бир яшы уллы менен сөйлескенимде ол марҳум Муса Ерниязовты былай еследи


«Ақсақалымыз Муса Тажетдинович кең пейил, ашық кеўил, айбатлы, узақты көре билген, терең ойлаў қәбилийетине ийе, өмирлик тәжирийбеси жүдә үлкен инсан еди. Ол ҳәр қандай жумысларды дурыс шөлкемлестириў, тынық анализлеў уқыбы болған, қыйын жағдайларда әҳмийетли тапсырмаларды орынлаў ушын стратегик қарарларды қабыл ете алатуғын өте күшли адам еди. Ҳеш кимге өшпенлиги жоқ, өзгелердиң қылған жаманлығын тез умытып кететуғын ҳәм туўры жолды таңлаўы ушын имкән беретуғын кеширимли ел азаматы еди.
Егер ол киси тири болғанында, конституцияның Қарақалпақстан менен байланыслы бабына өзгерис киритилиўине ҳеш қашан жол қоймаған, ҳәттеки, ол мәселе көтерилип кеткен жағдайда да барлық күш жигерин иске салған ҳалда оған ҳеш қашан имкан бермеген болар еди.
Оның кемшилиги тек ғана ақ көкиреклиги ҳәм басқаларға тез исениўшилик минезинде еди».

Ҳәзирги басшымызды өлгенинен кейин не деп еслер екенбиз-әй, деп ойлайман.