Get Mystery Box with random crypto!

Бабамыз Соппаслы сыпыра жыраудын толгауынан Жуўас елге тийме | Қарекен онлайн

Бабамыз Соппаслы сыпыра жыраудын толгауынан

Жуўас елге тиймегил,
Кеўлинде муңлы шер болар.
Ерегисип қоймасаң,
Ызалы ел биригип,
Қылыш алып қолына,
Қатыны да ер болар.
Сениң менен тең болар,
Күшейип кетип ол сеннен,
Етек-жеңиң сел болар.
Камал Мәмбетов, «Қарақалпақ толғаўлары»,Нөкис «Билим» баспасы.1995жыл.108-бет.

ТОЛҒАЎ
Жуўас ел демең елимди,
Қолайлы демең жеримди.
Халқымның жырын жырласам,
Ким тыңламас шеримди?!
Бабаларым мәрт болған,
Кеўлинде мыңсан дәрт болған,
Көп жәбир шегип жаўлардан,
Еркинлик алмақ шәрт болған.
Сонда Ерназар батыры,
Бир өзи мыңға татыры.
Аңсап халықтың ығбалын,
Қурбан еткен өз жанын…
Қорықпай қәўип-қәтерден,
Халықлық туўды көтерген.
Жат елде лашы қалса да,
Халқына «стан» әперген.
Аллаярдай бабамның,
Батырды туўған мамамның,
Урпақлары бизлермиз,
Бүгин Ҳақ жолды излермиз.
Жан берип алған ерикти,
Басымыздағы бөрикти.
Жоғалтпақшы болғанлар,
Тынышымызды алғанлар.
Дүньяға еки келмеспиз,
Еркти қолдан бермеспиз.
Бабамнан мийрас жарлығын,
Суверенлиги барлығын.
Алмақшы болса егер де,
Оятар намыс-ар бүгин.
Еркиме қол салғанлар,
Бизге үстем болғанлар.
Болып халықтың душпаны,
Қара булт болар аспаны.
Сонлықтан елди бүлдирмей,
Өзине сөз келтирмей.
Тезден жойсын қәтесин,
Жыйсын ҳәм де ақыл-есин.
Тиймесин халықтың арына,
Қол қатылмасын барына.
Ығбалына Арал қурып,
Дуз аралас даўыл турып.
Жери шорлап атырғанда,
Усындай иске орын барма?
Келтирмей көптиң ызасын,
Алмасын халықтың мазасын.
Ибрайымдай сыйлаған,
Қарекең өзбек өз ағасын.
Ғайры жолларда көрмесин,
Бирлигин қолдан бермесин.
Мақсети бир болып текте,
Жылқысы таўға өрлесин.
Егер де олай болмаса,
Халқыма қулақ салмаса,
Қатыны,ери бир болып,
Қалмаў ушын қул болып,
Ҳуқықты талап етермиз,
Еркин ел болып кетермиз
Сөйлесем сөздиң мақулын,
Усыны айтар ақылым.
Тумаристиң қаны менен,
Гүлайымның ары менен.
Мәртлик жолды тутарман,
Керек болса қан жутарман.
Арын арлайман халқымның,
Жақыным менен жатымның.
Қәдири жоқ демесин,
Қолымда бар алтынның,
Еркти бермей қолымнан,
Бабалар туўын тутайын!
Жуўас ел ғой бул бир деп,
Бассынбаса халқымды.
Елди қоллаған ерлерди,
Айнымас дос тутайын.
Егер де олай болмаса,
Тирилей гөрде жатайын.
Халқым еркин болмаса,
Суверенлиги қалмаса,
Қарақалпақтың өлгени,
Ерлердиң гөрге киргени!

Гулнара НУРЛЕПЕСОВА
27-июнь, 2022-жыл.