Get Mystery Box with random crypto!

БАРЫЎДЫ ҚӘЛЕЙМИЗ БИЗЛЕР 'АЙ'ЖАҚҚА Билмей турман кимнен айып и | Қарекен онлайн

БАРЫЎДЫ ҚӘЛЕЙМИЗ БИЗЛЕР "АЙ"ЖАҚҚА

Билмей турман кимнен айып излерим,
Уйқы көрмей тур кешеден көзлерим,
Ҳәси кетсем кешириңлер сөзлерим,
"Ҳәмме ушып баратқанда "Ай"жаққа",
Бизлер өзи баратырмыз қайжаққа?

Сум хабар қабартып кеўил хошымды,
Буғаўлап таслады илҳәм йошымды,
Дәртлериме дәрт жамалып қосылды,
"Аспанды тиреген: бақан таймақта",
Халқым ығып баратырмыз қайжаққа?

Тәғдир дегершигин бурып кейнине,
Нәмәлим кимселер тийип зейниңе,
Халқым түсинбедим... аның, пейлине,
Алға бассаң:- аяғыңнан шалмақта,
Алдың түнек... баратырмыз қайжаққа?

Айдын келешегиң шақырып кел деп,
Турған соң умтылдың қулашың сермеп,
Биреўлер қылғысы келди ме ермек,
Аңлайсаң дос- душпаныңды қай ўақта?
Бағдар жумбақ баратырмыз қайжаққа?

Өшире алмас боран, даўыл изиңди,
Төмен салма! Жарқыраған жүзиңди,
Оян халқым! Кеңирек аш көзиңди,
Ар- намыcың аяқ асты болмақта,
Артқа жол жоқ! Баратырмыз қайжаққа?

"Өз қолымды, өзим қалай кесейин",
Қолдан бермей тәғдиримди шешейин,
Қандай жол шықса да, десең кешейин,
Дүр- дүр силкин! Бүркит пәнже салмақта,
Барыўды қәлеймиз Бизлер "Ай"жаққа!

Ақшолпан Аманияз
27.06.2022 жыл

Канал силтемеси @qqshayirlar