Get Mystery Box with random crypto!

КҮЙДИРИП ТУР ШАҚЫРЫҚ... Қосығыма қылып бүгин тақырып, Алайын, | ДИЙДАР.uz

КҮЙДИРИП ТУР ШАҚЫРЫҚ...

Қосығыма қылып бүгин тақырып,
Алайын, қалмастан сабрым сарқылып,
Тумлы тустан келип қос- қостан хабар,
Күнде- күнде күйдирип тур шақырық.

Айлықты жеткериў бәрине қыйын,
Ҳәррениң уясындай ашыйды мыйың,
Бул барыстан таппай кетесең үйиң,
Адамды мийайлан етип шақырық.

Күнине екеўден, бир айда алпыс,
Садақа десе де, болмайды қалыс,
Болмаса түсетин көлденең табыс,
Ҳалыңа маймыллар жылар шақырық.

Бир хабар Нөкистен, бир хабар Мойнақ,
Аз болып турғандай тап аўыл аймақ,
Ашыйды ишиң... жол кирейди ойлап,
Дизимнен жол хақың мығым шақырық.

Бунша көп болмаса тойлардың түри,
Биринен қутылсаң, таяр тур бири,
Диңкилдеп қудайдың ҳәр қутлы күни,
Айымызды алып турсаң шақырық.

Келин той, сүннет той, мейли ол сүннет,
Дәстүрге садықлық, миллетке ҳүрмет,
Ас көп деп: көбейтип саның қүдирет,
Өкпемизди өширдиң ғой шақырық.

Ишип- жеп, кийим- киймейме халық?
Қыйналдық айлықты көтермей қалып,
Қашанғы барамыз... қарызлар алып,
Кәпин гәдә... қыла көрме... шақырық.

Той десе, қуўанатуғын- ек бурын,
Ҳәзир ғой жыйырып турамыз мурын,
Кеўилиң хош болмас, болмаса пулың,
Тығының ағылып кетти шақырық.

Қосығымның үштен екиси шынлық,
Кимге қәйдем, маған түйилди сумлық,
Пул қайда?... бәрҳама жумсаўға бурқып,
Пенсия, айлық, көбеймесе шақырық.

Ырабайы менен болсын да тойлар,
Адамлар бармекен?... буны бир ойлар,
Мақтанып барар- ек көрсетип бойлар,
Айыпты төңкермей саған шақырық.

Ақшолпан Аманияз 26.11.2022 жыл

@diydaruz