Get Mystery Box with random crypto!

Намасы: Сəлменбай Садықов Атқарыўшы: 'Сəўбет' топары ГҮЛНАРА | 🌹🌹🌹ҚАРАҚАЛПАҚСТАН АЗАТЛЫҒЫ🌹🌹🌹

Намасы: Сəлменбай Садықов
Атқарыўшы: "Сəўбет" топары

ГҮЛНАРА

Кел деген жериңе келдим, келмедиң,
Кетип қалсам, узак күттим дермедиң.
Сени бунша ким егледи билмедим,
Көп күттирмей кел тезирек Гүлнара.

Ядымда кешеги кел деген сөзиң,
Мен билемен келмей қалмайсан өзиң.
Үмит пенен қарар жолыңа көзим,
Көп күттирмей кел тезирек Гулнара.

Ўəделескен ўакыт баратыр өтип,
Умыттың ба турган достыңды күтип.
Булттан шыққан айдай жүзиң жарқ етип.
Көп күттирмей кел тезирек Гулнара.

Турсам, кешиккениң жүрегимди жеп,
Кимди күтип турсыз деўшилер де көп.
Айтаман өзимниң күткеним бар деп,
Көп күттирмей кел тезирек Гүлнара.

Байнияз Қайыпназаров
1956-жыл.


𝐓𝐞𝐥𝐞𝐠𝐫𝐚𝐦 | ҚАРАҚАЛПАҚСТАН АЗАТЛЫҒЫ